Siyosat Қәнигеликке бағдарланған оқыў курсы жуўмақланды

Қәнигеликке бағдарланған оқыў курсы жуўмақланды

0
Қәнигеликке бағдарланған оқыў курсы жуўмақланды

"Атакөл" АПЖ аймағында кәсип-өнерге оқытыў орайында тигиншилик қәнийгелиги шөлкемлестирилип, 19 жумыссыз  ҳаял-қызлар оқытыў курсын жуўмақлады. Районлық Мәҳәлле ҳәм шаӊарақты қоллап-қуўатлаў бөлими баслығы  М.Шербеков,  район ҳәкиминиӊ ҳаял-қызлар мәселелери бойынша мәсләҳәтшиси  А.Аллиярова ҳәм Нөкис қаласындағы кәсип-өнерге оқытыў орайы методистлери тәрепинен тигиншилик қәнигелиги бойынша оқыўын тамамлаған ҳаял-қызларға гүўалықлар тапсырылды.

Тахтакөпир районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети