Siyosat Исбилерменликке қызығыўшы жаслар ушын оқыў

Исбилерменликке қызығыўшы жаслар ушын оқыў

0
Исбилерменликке қызығыўшы жаслар ушын оқыў

"Өзбекстан жаслары форумын» да Президентимиз жасларға исбилерменлик жөнелисинде зәрүр билимлерди қәлиплестириў кереклигин атап өткен еди.Сол арқалы жасларды исбилерменликке кең түрде тартыў ҳәм бәнтлигин тәмийинлеў бойынша “Ҳәр бир исбилермен – жасларға сүйениш” басламасы қоллап-қуўатланды.

Усы бағдарда исбилерменликке кызығыўшы 26 жас бизнес жойбарлар дүзиў, салық жеңилликлери, кредит түрлери ҳәм исбилермен болыў ушын мәмлекетлик дизиминен өтиўди түсиндириў бойынша тийисли тараў қәнигелери тәрепинен  3 күн даўамында оқытылды.  
Сондай-ақ республикамыздағы  "Нукус Евро строй" ЖШЖ баслығы Азат Шынбергенов өзиниң бизнестеги тәжирийбеси бойынша мастер-класс өтти. Үш күн даўам еткен оқыў семинарына қатнасқан жасларға шөлкемлестириўшилер тәрепинен сертификатлар тапсырылды.

Тахтакөпир районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети