Siyosat Және жаслар арасында

Және жаслар арасында

0
Және жаслар арасында

Президентимиздиң үш басқышлы “Мәҳәллебай” ислеў системасын енгизиў бойынша тапсырмасына тийкарланып, район ҳәкими, 1-сектор баслығы Ж.Адиловтың орынларда ушырасыўлар өткериўи даўам етпекте. Бул сапары “Дәўир” МПЖ аймағындағы жумыссыз ҳаял-қызлар ҳәм жаслар менен ушырасты. Онда жумыссыз жаслардан Ю. Есназаровтың мүрәжаты тыңланып, оның уқыбы бойынша райондағы қурылыс жумысларына қабыл етиў режелестирип алынды.  М.Қайыпназаров тәрепинен өнерментшилик жөнелисинде, Қ. Кеўлимжаевтың нәсилли қара мал сатып алыўы, Н.Темирбаевтың дийқаншылық, З.Төреновтың өзин-өзи бәнт етиў ушын жеңиллетилген кредит ажыратыў бойынша мүрәжатлары тийкарында Агро банк филиалы баслығына тийисли көрсетпелер берилди.

Тахтакөпир районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети