Siyosat Жасларға дийқаншылық ушын жер бериледи

Жасларға дийқаншылық ушын жер бериледи

0
Жасларға дийқаншылық ушын жер бериледи

Президентимиздиң усы жылдың 4-5-февраль күнлери Ферғана ўәлаятына сапары даўамында белгилеп берилген 3 басқышлы “Мәҳәллебай” ислеў системасын енгизиў бойынша тапсырмасына тийкарланып, район ҳәкими, 1-сектор баслығы Жамбул Адилов “Атакөл” АПЖ аймағындағы жумыссыз ҳаял-қызлар ҳәм жаслар менен ушырасыў өткерди. Ушырасыўда аймақтағы жумыссыз жаслардан  Ш.Рамбергенов, Қ.Турсынбаев, М.Дуйсенбаев, У.Дуйсенбаев, Н.Досбаўлиевалар тәрепинен дийқаншылық пенен шуғылланыўлары ушын, өзлери жасап турған аймақларға жақын жерлердеги фермер хожалықларынан жер майданларын ажыратып бериў бойынша мүрәжатлары тыңланды. Нәтийжеде, “Ҳәр бир жасқа бир гектар” бағдарламасы шеңберинде жасларға жер ажыратып бериў режелестирип алынды.

Тахтакөпир районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети