Siyosat Сектор басшылары халықтың арасында

Сектор басшылары халықтың арасында

0
Сектор басшылары халықтың арасында

"Қараой" аўыл пуқаралар жыйыны аймағындағы 10-санлы орта мектепте районның төрт сектор басшыларының аўыл пуқаралары менен ушырасыўы өткерилди. Ушырасыў даўамында халықтың, соның ишинде жумыссыз жаслар менен ҳаял-қызлар тәрепинен билдирилген мүрәжатлары тыңланды. Олар өзлерин жумыс пенен бәнт етиў мақсетинде исбилерменликти баслаў ушын кредит алыўдағы машқалаларын айтты. Бул бойынша "Халқ банк" филиалы баслығына көрсетпелер берилди. Ушырасыўға қатнасқан "Өзбекстан" мәкан пуқаралар жыйыны турғынының үй алды егислик жерине суў жеткериў мақсетиндеги мүрәжаты бойынша районлық ирригация бөлимине тапсырмалар берилди.Бундай ушырасыўлар даўам етип атыр.

Тахтакөпир районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети