Siyosat Оқыў курсы басланды

Оқыў курсы басланды

0
Оқыў курсы басланды

«Ҳаяллар дәптери»инде турған 35 жасқа шекемги ҳаял-қызларды  барлық зәрүр шараятлары менен тәмийинленген IТ санлы технологиялар  орайында  оқытыўдың ашылыў салтанаты болды.  Оқыў курсының ашылыў  салтанатында район ҳәкиминиң орынбасары, районлық мәҳәлле ҳәм шаңарақты қоллап-қуўатлаў бөлиминиң  баслығы М.Щербеков  ҳәм басқа шығып сөйлеўшилер оқыў курсының абзаллықлары ҳаққында ҳәм ең жақсы қатнасыўшыларға сертификатлар тапсырылатуғынын атап өтти.

Орай интернет тармағына жалғанған болып, заманагой санлы технологиялар, компьютер билими, электрон саўда, бағдарламалаў тийкарлары, компьютер графикасы, веб-дизайн, робототехника бойынша қызығыўшыларды үйретиўши оқыў курслары ушын компьютер класы, оқыў залы ҳәм киберспорт ханалары шөлкемлестирилген. Оқыў еки сменада болып, 4-март күнине дейин 20 ҳаял-қызды оқытыў даўам етеди.

Тахтакөпир районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети