Siyosat Aўыл халқының саламатлығы - мәмлекетимиздиң нәзеринде

Aўыл халқының саламатлығы - мәмлекетимиздиң нәзеринде

0
Aўыл халқының саламатлығы - мәмлекетимиздиң нәзеринде

Арқа-батыс әскерий округи Орайлық әскерий клиникалық госпиталы ҳәм Нөкис әскерий госпиталы медицина хызметкерлери тәрепинен “Ҳешким меҳир ҳәм итибардан шетте қалмасын!” ураны шеңберинде Тахтакөпир районы "Жаңадәрья" аўыл пуқаралар жыйынында медициналық көрик шөлкемлестирилди.

"Жаңадәрья" аўылы районы орайынан 18 км қашықлықта жайласқан. Онда 709 халық жасайды. Соннан 18 жасқа дейинги балалар – 274, 18 жастан үлкенлер – 435, туўыў жасындағы ҳаяллар – 170, имканияты шекленгенлер саны – 24ти қурайды. Еки күнлик тексериўлер нәтийжесинде 78 пуқарада ҳәрқыйлы кеселликлер анықланып, 5 пуқараға Республикалық емлеў-профилактикалық мәкемелерине, 15 пуқараға районлық медицина бирлеспесине стационар шараятта емлениўи ушын жоллама ҳәм 55 пуқараға амбулатор шараятта емлениўи ушын медициналық усыныслар берилди. Сондай-ақ, халыққа бийпул дәри-дәрмақлар тарқатылды.

Тахтакөпир районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети