Siyosat Семинар "мәҳәллебай" ислеўге арналды

Семинар "мәҳәллебай" ислеўге арналды

0
Семинар "мәҳәллебай" ислеўге арналды

Президентимиз “мәҳәллебай” ислеў системасы ҳаққында “Ҳәр бир шаңарақта саат сайын исеним болыўы керек” деп атап өткен еди.  “Мәҳәллебай” ислеў системасы бойынша "Ферғана тәжирийбеси" тийкарында Тахтакөпир районында мәҳәллениң "өсиў точкасы"нан келип шыққан ҳалда, үйрениў даўамында анықланған машқалаларды унамлы шешиў бойынша көргизбели семинар болып өтти.

Семинар жумысына Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси баслығының биринши орынбасары Н.Ерлепесов,  республикадан район ҳәм қалаларға бириктирилген министрлик, кәрхана, шөлкем, банклер баслықлары,  қала, районлар ҳәкимлериниң биринши орынбасарлары, райондағы 4 сектор баслықлары, район аймағында "Мәҳәллебай" ислеў системасы бойынша бириктирилген "Басқарыў кеңсеси" ағзалары, ҳәр бир АПЖ, МПЖларға бириктирилген коммерциялық банк филиаллары хызметкерлери, пуқаралар жыйынлары ақсақаллары қатнасты

Тахтакөпир районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети