Siyosat Курсант пенен ушырасыў

Курсант пенен ушырасыў

0
Курсант пенен ушырасыў

Жас өспиримлер қызығыўшаң және еликлегиш болады. Оларды жәмийеттеги жақсы нәрселер, үлги боларлық инсанлар менен жақыннан таныстырыў арқалы келешектеги кәсибине бағдарлаў да мүмкин. Райондағы 1-санлы мектептиң питкериўшиси, Өзбекстан Республикасы Миллий Гвардиясы әскерий техник-институтының курсанты Алпамыс Хамидуллаев өзи билим алған мектебинде болып, жоқарғы класс оқыўшылары менен ушырасты. Ушырасыўда 2020-жыл 29-декабрь сәнесиндеги Өзбекстан Республикасы Президентиниң Олий Мажлиске Мүрәжатнамасы ҳаққында ҳәм бүгинги күнде оқып атырған Өзбекстан Республикасы Миллий Гвардиясы әскерий техник-институты ҳаққында айтып берди. Мектеп оқыўшылары өзлерин қызықтырған сораўларын берип, жуўап алды.

Тахтакөпир районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети