Siyosat Мийманлар "Тумар"да болды

Мийманлар "Тумар"да болды

0
Мийманлар "Тумар"да болды

О’zLiDep Қарақалпақстан Республикалық Кеңеси жаслар менен ислесиў бөлиминиң баслығы Ч.Елмуратов ҳәм усы Кеңестиң сиясий билимлендириў бөлиминиң баслығы Н.Төремуратовалар тахтакөпирли жас исбилермен қыз Илмижәҳән Жолдасбаева басшылық  еткен "Тумар" шаңарақлық кәрханасының жумыслары менен танысты.

Әйне пайытта шаңарақлық кәрханада миллий кийим-кеншеклер, гилемшелер ҳәм тумар сыяқлы қарақалпақ миллий орнаментлери түсирилген турмыслық буйымлар дөретилип, қарыйдарларға жеткерип берилмекте. Әҳмийетлиси, жас исбилермен буның менен шекленип қалмай, аўыл аймақтағы өзи қатарлы қызларға да қол өнерин үйретпекте.

Тахтакөпир районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети