Siyosat Олар ушын бүгин байрам

Олар ушын бүгин байрам

0
Олар ушын бүгин байрам

Аўғанстандағы әскерий  ҳәрекетлердиң тамамланғанына бүгин 32 жыл толды. Усы сәнеге байланыслы, район орайында жайласқан "Шейитлер естелиги"алдына Аўғанстан елинде әскерлик хызметин өтеп қайтқан районымызда жасаўшы  жаўынгергерлер жыйналды. Олар гүл шеңберин қойып, қураллас досларын еследи. Райондағы «Айдана» ресторанында Тахтакөпир районынан бул әскерий ҳәрекетте қатнасқан 35 жаўынгер бир кесе шай үстинде сәўбетлесип, қәўип астында кешкен әскерий жаслық жылларын еследи. 

Район ҳәкими Жамбул Адилов жаўынгерлер менен ушырасыўға келип, олардың өмиринде умытылмас күн екенин атап өтти, оларға саламатлық тилеп, естелик саўғалар тапсырды. 
Байрамға айланған бул күнде әскерий ҳәрекетке қатнасқан жаўынгерлерди мәденият орайы хызметкерлери йошлы қосықлары менен қутлықлады.

Тахтакөпир районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети