Fan va ta'lim Педагогикалық кеңесте

Педагогикалық кеңесте

0
Педагогикалық кеңесте

Районлық мектепке шекемги билимлендириў бөлиминде педагогикалық кеңес өткерилди. Оған усы бөлим министрлигиниң  мәмлекетлик емес мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлери жумысларын шөлкемлестириӯ бөлими баслығы Б.Камалов,  кәсиплик аўқам баслығы А.Рейов, шөлкем басшылары, қәнигелери қатнасты. Жыйналысты мектепке шекемги билимлендириў бөлими баслығы М.Алламбергенова алып барды. Күн тәртибинде: районлық мектепке шекемги билимлендириў бөлиминде 2019-2020-жылларда әмелге асырылған жумыслардың жуӯмағы ҳәм 2021-жылдағы ӯазыйпалар белгилеп алынды. Сөзге шыққан Б.Камалов өз сөзинде Президентимиздиң Олий Мажлиске жоллаған мүрәжатинде белгилеп берилген ўазыйпаларға тоқтады.

Жылдың жуӯмағында өз жумысларына белсене қатнасқан, пандемия дәӯиринде онлайн шынығыӯларда ҳәм "Дөретиӯши тәрбияшы" көрик таңлаӯы, спорт жарысларында жеңимпаз болған педогогларға ҳүрмет жарлықлары, саӯғалар,   тапсырылды.

Тахтакөпир районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети