Fan va ta'lim Профессор қыз өз Ана мектебинде болды

Профессор қыз өз Ана мектебинде болды

0
Профессор қыз өз Ана мектебинде болды

Өзбекстан Мәмлекетлик жәҳән тиллери университетиниң инглис тилин оқытыў кафедрасы баслығы, филология илимлери докторы, профессор Х.Палўанова Тахтакөпир районындағы 3-санлы қәнигелестирилген мәмлекетлик орта мектебиниң питкериўшиси. Ол жақында өзи билим алған мектепте болды. Мектепте шет тили пәниниң оқытылыўы, оқытыўшыларды ҳәм оқыўшыларды өзин-өзи баҳалаў ҳәм инглис тили пәни муғаллимлериниң билим көнликпелерин, тәжирийбелерин еле де раўажландырыў мақсетинде «Мастер класс» әмелий методикалық семинар тренинг шөлкемлестирилди.

Ол оқытыўшылардың жыллық ис-жобадағы көрсетилген аўыр темалары бойынша түсиниклер берди ҳәм өзиниң тәжирийбесине таянып, 8-класс оқыўшыларына  ашық сабақ өтти. Профессор Х.Палўанова устазлар менен оқыўшыларға өз тәжирийбесинен ҳәр қашан да жәрдем бериўге таяр екенин билдирди.

Тахтакөпир районы ҳәкимияты Мәлимлеме хызмети