Fan va ta'lim "Мастер-класс" өтилди.

"Мастер-класс" өтилди.

0
"Мастер-класс" өтилди.

3-санлы қәнигелестирилген мәмлекетлик орта билим бериў мектеби базасында «Metodik-tour» жойбары тийкарында Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты «Химияны оқытыў методикасы» кафедрасы үлкен оқытыўшысы З.Менлимуратованың «Химия пәнин оқытыўда интерактив методлардан пайдаланыў» бойынша «Мастер класс» усылында билим берди.

 З.Менлимуратова химия пәнин оқытыўда интерактив методлардан пайдаланыўда «Рефлексия», «Кроссворд жумбақ», «Сыйқырлы гүллер», «Үшиншиси артықша», «Не ушын», «Шифрланған элементлер», «Атанақлар ҳәм бослықлар», «Пирамида», «Классификация», «Химиялық диктант» т.б бир неше усыллардың үлгилерин презентация жәрдеминде көрип шығыўды ҳәм тарқатпа материаллар жәрдеминде биргеликте орынлаўды усынды.

Тахтакөпир районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети