Fan va ta'lim Қытайдан үскенелер жеткерилди

Қытайдан үскенелер жеткерилди

0
Қытайдан үскенелер жеткерилди

Өткен жылдың декабрь айында Өзбекстан Республикасының Қытай Халық Республикасындағы Айрықша ҳәм толық елшиси Б.Саидов бир қатар басқа да елшилер менен 3-санлы қәнигелестирилген мәмлекетлик улыўма орта билим бериў  мектебинде болған еди. Мектеп жәмәәти ағзалары тәрепинен мектепке инглис ҳәм рус тили пәнлеринен еситиў арқалы түсиниўди раўажландырыў  мақсетинде лингафон үскенелери менен тәмийинлеў усыныс етилди. Мектеп жәмәәтиниң усынысы қанаатландырылып, ўәде етилген үскенелер Қытайдан елимизге жетип келди. Үскенелерди район ҳәкиминиң орынбасары, инвестиция ҳәм сыртқы саўда бөлими баслығы Қуўат Дәрибаев мектепке табыс етти. 

Тахтакөпир районы ҳәкимлиги мәлимлеме хызмети