Siyosat Жаслар - келешегимиз

Жаслар - келешегимиз

0
Жаслар - келешегимиз

Президентимиздиң Олий Мажлиске жоллаған Мүрәжатында келеси жылдың ақырына дейин аралықтан көрсетилетуғын хызметлер үлесин кеминде 60 пайызға жеткериў нәзерде тутылған еди. Районлық Мәмлекетлик хызметлер орайы тәрепинен  орта билим бериў мектеплериниң жоқарғы класс оқыўшылары ушын электрон тәризде мәмлекетлик хызметлерден пайдаланыў кѳнликпелерин қәлиплестириў бойынша билимлендириў бөлими менен келисилген ҳалда оқыў өткериў режеси ислеп шығылды. Усы тийкарда 1-4-санлы орта мектеплердиң жоқарғы класс оқыўшылары Мәмлекетлик хызметлер орайында болып, ол жердеги имканиятлар менен танысты. Олар Мәмлекетлик хызметлерди онлайн алыў көнликпесин қәлиплестириў бойынша оқыў семинарына қатнасты. Онда мәмлекетлик хызметлер агентлиги Қ.Р басқармасы баслығы орынбасары Е.Досанов тараўға байланыслы әмелге асырылып атырған реформалар, мәмлекетлик хызметлерден онлайн пайдаланыў бойынша түсиник берди.

Тахтакөпир районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети