Siyosat Оқыў семинары басланды

Оқыў семинары басланды

0
Оқыў семинары басланды

Районлық  ПҲАЖ бөлими жанынан жасларды шаңарақ турмысына таярлаў орайының оқыў бағдарламасы бойынша жас шаңарақларды оқытыў семинары өз жумысын баслады. Оқыўға 30 жасқа шекемги 15 шаңарақ  ийелери жубайлары менен қатнасып, оларға районлық мәҳәлле ҳәм шаңарақты қоллап-қуўатлаў бөлими, Өзбекистан жаслар ислери агентлиги Тахтакөпир районлық бөлими,  мәмлекетлик хызметлер орайы, медицина бирлеспеси қәнигелери тәрепинен турмыслық тәжирийбелерден сабақлар ҳәм медициналық түсиниклер берилди. Әлбетте, жас шаңарақ ийелери өзлерине керекли мақсетлери ушын қәнигелерден жуўаплар алды. Оқыў семинар жумысы 4 күнлик болып, белгиленген бағдарлама  тийкарында даўам етеди.

Тахтакөпир районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети