Siyosat Презентация өткерилди

Презентация өткерилди

0
Презентация өткерилди

Өзбекстан Республикасы Президентиниң «Электр энергетикасы тармақларын жедел раўажландырыў ҳәм қаржыландырыў турақлылығын тәмийинлеў ис-илажлары хаққындағы» қарары талапларының орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде Тахтакөпир районлық электр тәмийинлеўши кәрханасы тәрепинен бирқанша илажлар амелге асырылмақта.

Атап айтқанда, район аймағында электр есаплағышлар алмастырыў жумыслары алып барылып, ҳәзирги ўакытта электр энергиясын есапқа алыў ҳәм қадағалаўдың автоматластырылған системасына жалғанатуғын заманагөй электрон электр есаплағышларға алмастырыў жумыслары басланды. Сондай-ақ, Тахтакопир районлық электр тәмийинлеўши кәрханасы жанынан электр энергиясын есапқа алыў ҳәм қадағалаўдың автоматластырылған системасының орайы өз жумысын баслады.

Кеше район ҳәкими, прокуроры, аўыл ҳәм мәкан пуқаралар жыйынлары баслықлары менен олардың орынбасарларының қатнасында электр энергиясы тараўындағы жаңа системаны кеңнен түсиндириў мақсетинде Тахтакөпир районлық электр тәмийинлеўши кәрханасы хызметкерлери тәрепинен көргизбели семинар шөлкемлестирилди.

Илажда Тахтакөпир районлық электр тәмийинлеўши кәрханасы баслығы А.Жумабеков жаңадан орнатылып атырған электр есаплағыштың абзаллықлары, төлем төлеў тәртиплери, қарыздарлық ҳаққындағы мағлыўматты анықлаў ҳәм басқа да мәселелер бойынша презентация тийкарында түсиниклер берди.

Соң электр энергиясын есапқа алыў ҳәм кадағалаўдың автоматластырылған системасы бойынша илаж қатнасыўшыларының сораўларына жуўаплар берилди.

Тахтакөпир районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети