Sport ЎАТАНСҮЙИЎШИЛИК ИЛAЖЛАРЫ ДАЎАМЫНДА

ЎАТАНСҮЙИЎШИЛИК ИЛAЖЛАРЫ ДАЎАМЫНДА

0
ЎАТАНСҮЙИЎШИЛИК ИЛAЖЛАРЫ  ДАЎАМЫНДА

Ўатанды сүйиў, оны қәстерлеп-қәдирлеў - ҳәр бир инсанның әдиўли ўазыйпасы. Усы идеяны жаслар санасына сиңдириў, мәрт азаматлар етип тәрбиялаўда орынларда бир қанша жумыслар әмелге асырылмақта. 

14-январь-Ўатан қорғаўшылар күни алдынан  Қарақалпақстан Республикасы Миллий гвардиясы Қорғаў  басқармасы 9-Айрықша отряды хызметкерлериниң басламасы менен Тахтакөпир районындағы Балалар ҳәм жас өспиримлер спорт мектебинде  «Ким Ўатанға садық болса, сол мен боламан!» ураны астында ўатансүйиўшилик ҳәм спорт илажлары өткерилди.
Жас өспирим жеңимпазлар хошаметленди.

Тахтакөпир районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети