Siyosat Үгит-нәсият айлығы

Үгит-нәсият айлығы

0
Үгит-нәсият айлығы

Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2020-жыл 18-февральдағы ПФ-5938-санлы Пәрманына тийкарланып "Саламат шаңарақ-саламат жәмийет" сүрени менен үгит-нәсиятлаў айлығы шеңберинде ушырасыў болып өтти. Ушырасыўда район ҳәкиминиң ҳаял-қызлар мәселелери бойынша мәсләҳәтшиси, районлық мәҳәлле ҳәм шаңарақты қоллап-қуўатлаў бөлими баслығының орынбасары А.Аллиярова, районлық әдиллик бөлиминиң баслығы Н.Қәлимбетов, районлық ПҲАЖ бөлиминиң баслығы А.Сағындықова, ишки ислер бөлими баслығының ҳуқықбузарлық профилактикасы мәселелери бойынша инспекторы Р.Иниятовлар "Шаңарақ бахты-өз қолыңда" айлығының мақсети менен ўазыйпалары, некени нызамластырыў, жасларды шаңарақлық турмысқа таярлаў мәселелери бойынша түсиниклер  ҳәм қатнасыўшыларды қызықтырған сораўларға жуўаплар берди.

Тахтакөпир районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети