Fan va ta'lim Және бир хош хабар

Және бир хош хабар

0
Және бир хош хабар

Республикалық Президент мектеби, Темурбеклер мектеби, кәсип-онер мектеплери, академиялық лицей,  И.Юсупов атындағы мектеп-интернаты ҳәм улыўма орта билим бериў мектеп оқыўшылары арасында өткерилген пәнлер олимпиадасында районымыздағы мектеп оқыўшыларының бириншиликти ийелеў жаңалықлары көбейип атырғаны қуўанышлы жағдай. Узақ жыллар даўамында бундай хош хабарларды еситиўди халқымыз әрман еткен еди. Бәлким, мәмлекетимиз тәрепинен билимлендириўге болған талаптың күшейиўи менен районымыздағы айырым мектеп оқытыўшыларының жуўапкершилигинен болса керек. Солай болғай! 

Нәўбеттеги жеңимпаз 13-санлы мектептин 9-класс оқыўшысы Меҳрибан Абдижамалова. Ол ҳуқықтаныў пәнинен жоқары балл топлап, 1-орынды алыўға миясар болды. Меҳрибанның устазы Камал Абдижамалов.

Тахтакөпир районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети