Siyosat Муўапықластырыўшы кеңес мәжилиси өткерилди

Муўапықластырыўшы кеңес мәжилиси өткерилди

0
Муўапықластырыўшы кеңес мәжилиси өткерилди

Тахтакөпир районы ҳәкимлигиниң үлкен мәжилислер залында район прокуратурасы тәрепинен нызамлылықты беккемлеў, жынаятшылыққа қарсы гүрести алып барыў, пуқаралардың ҳуқық ҳәм еркинликлерин, мәмлекет ҳәм жәмийет мәплерин қорғаўда 2020-жылда әмелге асырылған жумысларға бағышланған муўапықластырыўшы кеңес мәжилиси өткерилди.

Күн тәртибиндеги мәселе бойынша район прокуроры П.П.Халмуратовтың баянаты тыңланды.
Баянатта кемшиликлер ашық-айдын атап өтилди.Тахтакөпир районы прокуратурасы тәрепинен 2020-жылдың 12 айында районлық ҳуқық қорғаў уйымлары хызметкерлери менен биргеликте район аймағында жынаятшылықтың алдын алыў, кемейтиў, нызамшылықты беккемлеўде Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан Республикалары аймағында ҳәрекеттеги нызам талапларының орынланыўына қаратылған жобалы түрде жумыслар алып барылды.
Республика аймағында ҳәрекет етип турған ҳәр бир нызам, норматив актлердиң орынланыўына ерисиў ушын айқын илажлар исленди. Нызам талапларының бузылыўына жол қойған ҳәр бир жуўапкерли шахслардың үстинен нызамлардың орынланыўы бойынша қатаң прокурорлық бақлаўлар алып барылды.

Қаралып атырған ўақыт аралығында экономикалық ҳәм социаллық нызамшылықлардың орынланыўын бақлаў бойынша жәми 19 тексериў ҳәм мониторинглер өткерилип, тексериў жуўмағы менен анықланған нызам бузылыў жағдайларын сапластырыў мақсетинде 9 усыныс киргизилген. 27 шахсқа ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққында, прокурор қарарлары ҳәм усынысы тийкарында 28 шахслардың қарсысына тәртиплик жуўапкершилик ҳаққында ис қозғатылған, лаўазымлы шахслардың нызамға қайшы 32 қарар ҳәм буйрықларына протест келтирилген, 51 шахслардың бузылған ҳуқықлары тикленип, жәми 96 прокурорлық бақлаў ҳүжжетлери қолланылған.
Мәселен, Қарақалпақстан Республикасы мәмлекетлик санитария эпидемиологиялық бақлаў басқармасы Тахтакөпир районы филиалы тәрепинен 2020-жылдың 5 айында Өзбекистан Республикасы Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодексин коллаў әмелияты, қабыл етилген ҳәкимшилик карарлары тийкарын ҳәм нызамлылығын үйрениў нәтийжесине көре, қәте кемшиликлер ҳәм нызамбузыўшылықларды сапластырыў бойынша Қарақалпақстан Республикасы мәмлекетлик санитария эпидемология бақлаў басқармасы баслығы атына усыныс киргизилип, нызамсыз болған 11 қарарға протест киргизилди. Бул арқалы 11 шахстың бузылған хуқықлары тикленди. Булардан бири исбилерменлик субъекти болып, нызамбузыўшылықларға жол қойған шахсларға тийисли шаралар көрилди.
Район бойынша 2020-жыл 1-январь жағдайына юридикалық шахслардың бюджет ҳәм бюжеттен тысқары мақсетли қорларға улыўма салық қарызы 1 млрд 879 млн сумды қурап, соннан бюджет алдындағы қарыздарлық 890 млн сум, пенсия қорына 975 млн сум, жол қорына 11,9 млн сум ҳəм билимлендириў, медицина мәкемелерин реконструкциялаў, ири оңлаў жумысларында қәте-кемшиликлерге жол қойылған.
Баянат тийкарында районлық ишки ислер бөлими баслығының биринши орынбасары М.Абдиров, усы бөлим баслығының орынбасары Р.Инятов, Тахтакөпир районы медицина бирлеспеси бас шыпакери Ы.Палўанов, халық билимлендириў бөлими баслығы Б.Жаримбетов, мектепке шекемги билимлендириў бөлими баслығы М.Алламбергенова, районлық бәнтликке көмеклесиў орайының баслығы А.Байымбетовлар шығып сөйледи.
Соның менен бирге, мәжбүрий орынлаў бюросының баслығы Р.Сейтназаров ҳәм аўыллық, мәкан пуқаралар жыйынлары баслықлары менен профилактика инспекторлары исленип атырған жумысларына түсиниклер берди.
Жыйналысқа қатнасқан Қарақалпақстан Республикасы прокуратурасы бөлим баслығы М.Тилеўмуратов ҳәм Тахтакөпир районы ҳәкими Ж.Адиловлар көрилип атырған мәселелер бойынша пикирлерин билдирди.
Мәселеге басшылық етиўши жуўмақ жасалып, тийисли қарар қабыл етилди.

Тахтакөпир районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети