Siyosat Аўыл халқының саламатлығы ушын

Аўыл халқының саламатлығы ушын

0
Аўыл халқының саламатлығы ушын

"Белтаў" аўылы халқын сапалы ҳәм арзанластырылған дәри-дармақ пенен тәмийинлеў мақсетинде Тахтакөпир районлық 7-санлы "Қарақалпақ дәри-дармақ" жуўапкершилиги шекленген жәмийетиниң көшпели дәриханасы шөлкемлестирилди. 

Соның менен бирге "Белтаў" аўыл пуқаралар жыйыны аймағында 1 пуқараға реабилитациялық техник буйымлардан арбаша берилди.
Қарақалпақстан Республикасы Денсаўлықты саклаў министри М.И.Қурбанов "Белтаў" аўыл пуқаралар жыйыны турғынлары менен ушырасыў өткерди. Ушырасыў даўамында аўыл турғынларының "Белтаў" аўылы  район орайынан алыста жайласқаны ҳәм жаўылып қалған аўыллық шыпакерлик пунктин қайта ашып бериў мәселесин қойды. 
Қарақалпақстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министри М.И.Қурбанов аўыл турғынларына аўыллық шыпакерлик пунтки имаратын реконструкциялаў ҳәм имараттың 3 ханасын шыпакерлер ушын үй-жай етиў бойынша  Каракалпакстан Республикасы Жоқары Кеңесине усыныс берилиўин мәлим етти.

Тахтакөпир районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети