Siyosat 2021-жылғы Қарақалпақстан Республикасы Тахтакөпир районы бюджетин тастыйықлаў ҳаққында

2021-жылғы Қарақалпақстан Республикасы Тахтакөпир районы бюджетин тастыйықлаў ҳаққында

0
2021-жылғы Қарақалпақстан Республикасы Тахтакөпир районы бюджетин тастыйықлаў ҳаққында

Өзбекстан Республикасының 2020-жыл 25-декабрьдеги “2021-жыл ушын Өзбекстан Республикасының Мәмлекетлик бюджети ҳаққында”ғы ЎРҚ-657-санлы Нызамына муўапық, Тахтакөпир районы жергиликли бюджети қәрежетлерин тастыйықлаў, бюджет дәрежелери ортасында қатнасықларды тәртипке салыў мақсетинде ҳәм  «Жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият ҳаққында»ғы Нызамының 6 ҳәм 24-статьяларына муўапық Халық депутатлары Тахтакөпир районлық Кеңесиниң он тоғызыншы сессиясы

ШЕШИМ ЕТЕДИ:

1. Өзбекстан Республикасының 2020-жыл 25-декабрьдеги “2021-жыл ушын Өзбекстан Республикасының Мәмлекетлик бюджети ҳаққында”ғы ЎРҚ-657-санлы Нызамы (кейинги орынларда Нызам деп аталады) менен 2021-жылғы Тахтакөпир районы бюджети дәрамат ҳәм қәрежетлери белгиленгенлиги мағлыўмат ушын қабыллансын.
2. Тахтакөпир районы бюджети дәраматларының 2021-жылдағы прогноз көрсеткишлери 1-қосымшаға муўапық;
3. Район бюджетинен 2021-жылғы жергиликли бюджет қаржыларын бөлистириўшилерге ажыратылатуғын қәрежетлердиң улыўма шекленген муғдарлары 2-қосымшаға муўапық;
4. Улыўма мәмлекетлик салықларды район жергиликли бюджетлерин ажыратпалар нормативлери 3-қосымшаға муўапық;
5. 2021-жыл ушын район жергиликли бюджетиниң дәраматлары ҳәм қәрежетлериниң шекленген муғдарлары 4-қосымшаға муўапық;
6. Район жергиликли бюджетлерине ажыратылатуғын тәртипке салыўшы бюджетлерара трансфертлер муғдарлары 5-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.
Бунда, тәртипке салыўшы бюджетлерара трансфертлер муғдарларын қала ҳәм районлар жергиликли бюджетлери дәраматлар прогнозы орынланыўы ҳәм қәрежетлер орынланыўына қарамастан кемейттириўге жол қойылмайтуғынлығы Нызамда белгиленгенлиги мағлыўмат ушын қабыл етилсин.
7. 2021-жыл Тахтакөпир районы бюджети сақлаўлы қоры көлеми 805,7 миллион сум муғдары 6-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.
Район бюджетиниң сақлаўлы қоры 2021-жылда тийисли бюджетлер улыўма қәрежетлериниң 1 пайызынан кем болмаған муғдарларда қәлиплестирилиўи ҳәм сақлаўлы қорлары қәрежетлери кешиктирип болмайтуғын және  бюджет дизими бюджетлери қәлиплестирилиўинде алдыннан нәзерде тутып болмайтуғын қәрежетлер, сондай-ақ, социаллық-экономикалық турақсызлық жүзеге келген жағдайларда әмелге асырылыўы зәрүр болған ис-илажларды қаржыландырыў ушын ажыратылыўы Нызамда белгилеп қойылғанлығы итибарға алынсын.
8. Тахтакөпир районы жергиликли бюджетиниң 2021-жыл ушын жол қойылатуғын ең кем қаржылар муғдары 676,1 миллион сум районның жергиликли бюджетлеринде жол қойылатуғын ең кем қаржылардың муғдары 7-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.
9. Нызамның 7-статьясына муўапық айырым салықлар ҳәм төлеў ставкалары белгиленгенлиги мағлыўмат ҳәм әмелде қолланыў ушын қабыл етилсин.
10. Нызамға тийкарланып 2021-жылда бюджет дәраматлары дизиминде төмендегише тәртип орнатылады:
а) Төмендеги салық түрлери толығы менен район бюджетине өткерилиўи белгиленсин, соннан:
физикалық тәреплерден алынатуғын мал-мүлк салығы;
физикалық тәреплерден алынатуғын жер салығы;
физикалық тәреплердиң мүлклерин ижараға бериўден алынатуғын жыллық дәраматлары бойынша декларацияға тийкарланып ҳәм жеке тәртиптеги исбилерменлер тәрепинен төленетуғын дәрамат салығы;
электр станцияларынан басқа кәрханалар тәрепинен тѳленетуғын суў ресурсларынан пайдаланғанлығы ушын салық;
қурылыс материаллары бойынша жер асты байлықларынан пайдаланғанлығы ушын салық;
Сондай-ақ, мобиль байланыс хызмети ушын ҳәм алкоголь өнимлери, соның ишинде пиво ушын акциз салығынан түсимлер, 2020-жыл 1-июль жағдайына қала ҳәм районлар халқы санының республикадағы үлесине муўапық қала ҳәм районлар жергиликли бюджетине өткерилип бериледи.
11. Район ҳәкимлиги ҳәр шерек жуўмақлары бойынша усы шешимниң 1-қосымшасындағы дәрамат прогноз көрсеткишлерин ҳәкимликтиң жумыс ис-ҳәрекетлерине байланыслы болмаған ҳалда 5 пайыздан артық муғдарда орынланбаса ҳәм финанс жылының ақырына шекем усы қаржылардың түсиўи итималлығы болмаса, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесине қәрежетлерди оптималластырыў бойынша усыныслар менен бирге киргизилген мүрәжатларына тийкарланып тәртипке салыўшы бюджетлерара трансфертлер муғдарын асырыў ямаса қәрежетлерин оптималластырыў усынысларын киргизеди.
12. Қарақалпақстан Республикасы улыўма орта билим бериў мектеплери ҳәм мектепке шекемги билимлендириў мекемелери, ден саўлықты сақлаў тараўларын қурыў, реконструкция етиў ҳәм ири оӊлаў жумысларына, сондай-ақ суўғарылатуғын жерлердиӊ мелиоратив жағдайын жақсылаўға байланыслы илажлар шеӊберинде объектлерди оӊлаў-тиклеў жумысларына байланыслы қәрежетлер Қарақалпақстан Республикасы республика бюджетинен қаржыландырады.
13. Район ҳәкимлигиниң басламасы менен әмелге асырылатуғын ис-илажлар ушын талап етилетуғын қаржылар тийислилиги бойынша сол жергиликли бюджетлердиң орынланыўы даўамында қәлиплескен қосымша дереклер есабынан әмелге асырылыўы қатаң белгилеп қойылсын.
14. Район бюджетинде қәлиплескен қосымша дереклерден пайдаланыў ҳаққында шешимлер тийислилигинше Халық депутатлары районлық Кеңеси тәрепинен, район ҳәкимлигиниң усынысына тийкарланып, биринши гезекте социаллық тараў мекемелериниң материаллық-техникалық базасын беккемлеўге жөнелттириў мақсетинде қабыл етиледи.
15. Район ҳәкимлиги тийисли бюджетлерди биринши нәўбетте ис-ҳақы ҳәм оған теңлестирилген төлемлер, азық-аўқат, дәри-дәрмақ ҳәм коммуналь хызметлер қәрежетлериниң режелестирилиўин нәзерде тутқан ҳалда қәлиплестирсин.
Бунда, көрсетип өтилген қәрежет түрлерине дурыс қаржы ажыратылғанлығы ҳәм бөлистирилгенлигине қаржы бөлистириўшилердиң жуўапкершилиги асырылсын.
16. Әшкаралықты тәмийинлеў мақсетинде жергиликли бюджеттен қаржы менен тәмийинленетуғын мекемелер ҳәм басқармалар ҳәр шерек жуўмағы менен кейинги шерек биринши айының 25-сәнесине шекем (зәрүр жағдайларда мекемелер тәрепинен мүддет қысқартылыўы мүмкин) рәсмий веб-сайтларына өз қурамындағы бюджет мекемелер кесиминде қаржылар бөлистирилиўин, финанслық есабатларын, капитал қойылмалары есабынан әмелге асырылып атырған жойбарлардың орынланыўын, өткерилген таңлаў (тендер) ҳәм мәмлекетлик саўдалары ҳәм басқада тийисли мағлыўматларды жайластырып барылыўы бойынша мәжбүриятлар жүклетилгенлиги көрсетип өтилсин.
Сондай-ақ, финанслық қадағалаў уйымлары финанс жылы ушын ис-режелерин финанс жылының биринши айында ҳәм қадағалаў илажлары нәтийжелери бойынша анықланған нызам бузылыў жағдайларында унамлы нәтийжелер бойынша мағлыўматларды ҳәр шерек жуўмағы менен кейинги шеректиң биринши айының 10-сәнесине шекем рәсмий веб-сайтларға жайластырып барады.
Буннан тысқары ҳәкимлик жергиликли бюджетлердиң қосымша дәраматларының 10 пайызынан кем болмаған (артық болыўы мүмкин) муғдарларда жәмәәтшилик пикири тийкарында белгиленген илажларды қаржыландырыўға жөнелтирилиўин, веб-сайтларға олардың нәтийжелерин жайластырыўды тәмийинлесин.
17. Район ҳәкимлиги Нызамның 24-статьясына тийкарланып Халық депутатлары районлық Кеңесине тийисли түрде аймақлық бюджет қаржыларын бөлистириўшилердиң бюджет қаржыларынан нәтийжели ҳәм өз ўақтында пайдаланылыўын және ерисилген нәтийжелер бойынша есабат бериўи белгиленсин.
18. Район ҳәкимлиги бюджет дәраматлары ҳәм қәрежетлери көрсеткишлериниң орынланыўын тәмийинлеў, салық базасын кеңейтиў ҳәм экономикалық дәрежесин асырыў бойынша зәрүр ис-илажлар көрип, бюджет қаржыларынан мақсетли ҳәм нәтийжели пайдаланыўы үстинен қатаң қадағалаўды орнатыўы ушын тийисли мағлыўматлар киргизсин.
19. Район ҳәкимлиги Нызамда белгиленген айырым салықлар ҳәм төлемлер ставкалары, салық салыў тәртиплери ҳәм басқа мағлыўматларды ғалаба хабар қуралларында жәрияланыўын тәмийинлесин.
20. Халық депутатлары районлық Кеңесиниң 2019-жыл 18-декабрьдеги “Тахтакөпир районының 2020-жылғы бюджет параметрлерин тастыйықлаў ҳаққында”ғы 56/224-санлы шешими 2020-жыл 30-декабрь күнинен  баслап өз  күшин жойтқан деп есаплансын.
21. Қабыл етилген шешим “Тахтакөпир таңы” газетасында рәсмий түрде жәриялансын ҳәм ҳәкимликтиң рәсмий веб-сайтында жайластырылсын.
22. Усы шешимниң орынланыўын қадағалаў Халық депутатлары районлық Кеңесиниң жергиликли бюджет, экономикалық реформаларды әмелге асырыў ҳәм исбилерменликти раўажландырыў мәселелери бойынша турақлы комиссиясына, район ҳәкиминиң биринши орынбасары Д.Жанабаевқа жүкленсин.
23. Шешим ҳәкимликтиң рәсмий веб-сайтында жайластырылып, районлық “Тахтакөпир таңы” газетасында жәрияланған күннен баслап күшке киреди.

Халық депутатлары Тахтакөпир

районлық Кеңеси баслығы:        Ж.Адилов

2020-жыл «29»-декабрь 19/122-санлы