Fan va ta'lim Билимлендириўде "Көшпели қабыллаў"

Билимлендириўде "Көшпели қабыллаў"

0
Билимлендириўде

Алдын хабар бергенимиздей, районлық халық билимлендириў тараӯы бойынша 5-санлы орта мектепте "Кѳшпели қабыллаӯ" ѳткерилди. Қарақалпақстан Республикасы Халық билимлендириӯ министрлиги хызметкерлери ҳәм Тахтакѳпир районлық халық билимлендириӯ бѳлими баслығы тәрепинен өткерилген қабыллаўда пуқаралар ҳәм билимлендириў тараўы басшы хызметкерлери, оқытыўшылар өз мүрәжатлары менен қатнасты.

Пуқаралар менен педогог хызметкерлерден 29 мүрәжат келип түсти. Олар тийкарынан жумыс пенен тәмийинлеў, ZiyoNET тармағы тезлигин күшейтип бериӯ, билимлендириӯ мәкемелерин суйық отын менен тәмийинлеӯ бойынша мүрәжат еткен.

Еки пуқара қәнигелиги бойынша бос жумыс орны болмағанлығы себепли оларға түсиндириӯ жумыслары алып барылды.

Бѳлимге қараслы 4-санлы мектепке тәбийий газ тармағына тийисли мәкемелер менен бирге 2021-жылдың 10-январь сәнесине шекем тармаққа жалғаӯ режелестирилди.
ZiyoNET тармағы тезлигин күшейтип бериӯ бойынша жергиликли байланыс тармақлары бѳлимине усыныс етилди.

Бѳлимге қараслы 8-санлы улыӯма билим бериӯ мектебиниң кадастр ҳүжжетлерин дүзиӯ бойынша мүрәжәәтшыға түсиник жумыслары алып барылды, деп хабарлайды бизге районлық халық билимлендириў бөлими.

Тахтакөпир районы ҳәкимлиги мәлимлеме хызмети