Fan va ta'lim Паразитли кеселликлер хаққында

Паразитли кеселликлер хаққында

0
Паразитли кеселликлер хаққында

Адамлар ҳәм ҳайўанлардың тоқымалары менен органлары есабынан жасаўшы жәнликлерди қуртлар деп атайды. Ҳәзирги ўақытта адам қуртларының 260 түри мәлим. Қуртлар дүзилисине қарап домалақ, ҳәм  таспасыман болады. Олардың дене узынлығы микроскопиялық үлкенликтен 10 метрге шекем жетиўи мумкин. Ҳәр бир қурт түри адам ҳәм ҳайўанлардың анық бир тоқыма ҳәм органларында жасайды. Республикамызда қурт кеселликлериниң төмендеги түрлери көбирек ушырайды: Энтеробиоз, гименолепидоз, аскаридоз, трихоцефалез, тениаринхоз, эхинококкоз.

Энтеробиоз  -  острицалар шақыратуғын кеселликлер. Олардың узынлығы 1 см болып, ақ реңли майда қуртлар болып есапланады.Олар адамның жиңишке ҳәм жуўан ишегинде жасайды.Острицалар түнде уйқы ўақтында  арқа шығарыў жолынан өрмелеп шығады ҳәм арқа тесиги  әтирапындағы териге туқым таслайды.Бунда наўқаслар қышыўды сезеди  ҳәм терини қасығанда тырнақ астына қурт туқымлары кирип алады.Териге түскен острица туқымлары  6  саатта ер жетеди. Кеселлик саў балаға әсиресе  наўқас пенен жақын қарым-қатнаста болғанда,патас қоллар арқалы наўқас баланың буйымлары хәм ойыншықларынан бирге пайдаланғанда аўыз арқалы жуғады.

Гименолепидоз - кишкене қурт шақыратуғын кеселлик. Қурттың узынлығы 1,5 – 3,0 см болады.Қурт жиңишке ишекте жасайды.Оның басында сорығыш ҳәм илмеклери бар, ишек  дийўалына солар жәрдеминде жабысып турады. Қурттың буўынларында жетилген туқымлар наўқастың дәрети менен сыртқа  шығады.Кеселлик саў адам  наўқас пенен жақын қарым-қатнаста болғанда жуғады.

 Аскаридоз  -   аскарида шақырыўшы кеселлик.  Бул  ақ  реңли домалақ қурт , узынлығы 20-45 см болып жиңишке ишекте жасайды. Туқымлары дәрет пенен сыртқы орталыққа шығады. Кеселлик зәрерли туқымлар менен патасланған топырақ хәм қол арқалы, суў, жуўылмаған мийўелерди жегенде жуғады. Аўыз арқалы кирип, ишеклерге тускен туқымлардан личинкалар  шығады.   Олар ишек дийўаллары арқалы  қан тамырларға  киреди хәм қан арқалы өкпеге барады,соң  өкпе қан тамырларын тесип, бронхларға туседи Оларды өңешке шекем алып барып, түпирик пенен жутып жибериледи.                               

Тениаринхоз - өгиз дизбеси  шақырыўшы кеселлик.   Бул кеселликтиң жуғыў  жоллары қурамалы. Таспасыман қурт денеси көп санлы бөлимлерден ибарат болып, узынлығы 7-10 метрге дейин жетеди. Басындағы сорығышлары жәрдеминде  ишеклерге жабысып жасайды.Жетилген туқымлар қурт денесине ақырғы бөлими менен үзилип, сыртқа шығады хәм топырақ, шөп-шөпшеклерди патасландырады. Туқымның кейинги раўажланыўы қарамал. денесинде  кешеди. Қарамал денесине жем  - от шөп арқалы түседи. Қарамаллар ишегинде туқымлардан личинкалар шығады.Усы личинкалар малдың  мүшелеринде пердеге оранып жасайды. Адамға зәрерленген гөшти  пайдаланыў арқалы жуғады.

Эхинококкоз -  эхинококк  дизбеси шақырады. Эхинококкоз узынлығы 3-5 мм болады. Бул кеселлик ийтлерде ишеклериндеги  эхинококк қурты мәйеклериниң сыртқа шығыў ақыбетинде, топырақ, сыртқы орталық, от-шөплер зыянланады хәм кейиншелик қой, қарамал,ешки ,атларға жуғады. Кеселликтиң тарқалыўында ийт хәм қарамаллар үлкен роль ойнайды. Адамға тийкарынан  эхинококк мәйеклери менен патасланған азық-аўқат  ҳәм қоллар арқалы жуғады. Кеселликте тийкарынан баўыр хәм өкпе зыянланады. Қурт кеселликлеринен сақланыўдың алдын-алыўда халықтың өзи актив қатнасыўы керек.

1.Жасап атырған аймақ тазалығы, санитария жағдайы.

2.Жеке гегиена  қағыйдаларына итибар бериў (балалардың тырнақларын алдырыў,ишки кийимлерин алмастырып турыў, қолларын сабынлап жуўыў, овощ, мийўе өнимлерин жуўып пайдаланыў).

3.Сыртқы орталықты қурт мәйеклери менен  патасланыўына жол қоймаўымыз керек.(балаларымыз көбинесе  ҳәжетханаға кирмей , дус келген жерди  патасландырады).

4.Жер асты ҳәм жер үсти суў ҳәўизлерин қурт мәйеклеринен патасланыўынан сақлаў.(Ҳәжетхана,малханаларды шетирек жайға узаққа қурыў).

5.Үйде ҳәм балалар бақшаларында профилактика жумысларын дүзиў (наўқас баланы қоймаслық  бир баладан қурт мәйеклери шықса ҳәмме балаларда санация профилактикалық емлеў өткериў, ислетилген буйымларды ҳәм ойыншықларды таза сақлаў).

6.Балаларға тек қайнатылған суў ишкизиў.

7.Арнаўлы тексерилмеген гөш өнимлерин пайдаланбаў.

8.Үй ҳайўанларын бағыўда санитария хәм гегиена  қағыйдаларына әмел етиў.

Гимитозларға қарсы гүресиўде ең зәрүрли шара бул наўқасларды ерте, өз ўақтында анықлаў  хәм емлеў . Буның ушын қурт кеселликлери бар екенлигине гүманы бар кисилер шыпакерге өз ўақтында барып көриниўи керек.Туўры диагноз қойыўды тек лаборатория тексериўинен өткеннен кейин ғана қойыў мүмкин. Ҳәзирги күнде қурт кеселликлерине қарсы жоқары нәтийже бериўши дәри-дәрмақлар бар.

Наўқас шыпакерге ўақтында көринип, емленсе қурт кеселликлеринен кейинги аўыр жағдайлардың алдын алыўға имканият жаратады.

 

Фархад Алланиязов

Тахтакөпир районы Санитария эпидемиологиялық

Тынышлық ҳәм жәмийет саламатлығы бөлими

 паразитология бөлими паразитолог шыпакер жәрдемшиси