Fan va ta'lim Жеңимпазлар хошаметленди

Жеңимпазлар хошаметленди

0
Жеңимпазлар хошаметленди

Хабарыңыз бар,  райондағы 17-санлы балалар музыка ҳәм көркем өнер мектебиниң тәрбияланыўшылары соңғы ўақытлары көплеген табысларды қолға киргизиўге ериспекте.

2018-жылы Қырғызстанда офлайн, быйылғы жылдың соңғы шерегинде Франция ҳәм Россия еллеринде онлайн өткерилген Халықаралық таңлаўларда лауреат аталды. Усы мийнетлерин баҳалап район ҳәкими сектор басшылары менен биргеликте бүгин музыка мектебинде болып, жеңимпазлар менен ушырасты. Жеңимпаз оқыўшы қыз Т.Рейимбекова, оның устазы халық сазлары бөлими оқытыўшысы Д.Қтайбековаларға алғыс билдирилип, район ҳәкиминиң "Хүрмет жарлығы" менен баҳалы саўғалары тапсырылды. Музыка мектеби директоры З.Алланиязова да секторлар тәрепинен хошаметленди.

Тахтакөпир районы ҳәкимлиги мәлимлеме хызмети