Fan va ta'lim Балалар тәрбиясына бағышланған акция

Балалар тәрбиясына бағышланған акция

0
Балалар тәрбиясына бағышланған акция

 

"Ата-аналар ертеңги келешегимиз болған перзентлеримизге еки тәреплеме басым өткермеўи керек", дейди психологлар. Шаңарақта басым өткерген балалардың билим алыўы, сабаққа қатнасы, еслеў қәбилети, дыққаты ҳәм өзлерине болған исеними пәсейип, әтирапындағы дослары менен қарым-қатнасы төменлейди екен. Сонлықтан да перзентлеримиз бенен дослық мүнәсибетте болыў, олар менен сәўбетлесиў, олардың мийнетин марапатлаў, сырларын тыңлаў менен пикирлерин ҳүрмет етиўимиз керек.
Райондағы 6-санлы орта мектептиң психолог оқытыўшысы тәрепинен таярланған "Биз зорлық-зомбылыққа қарсымыз!" акциясы усы мазмунда болды. Онда мектеп оқыўшылары ҳәм районлық мәденият үйи хызметкерлериниң сахналық көринислери менен концерт бағдарламасы орын алды.

Тахтакөпир районы ҳәкимлиги мәлимлеме хызмети