Siyosat Жасларды исбилерменликке қызықтырыў

Жасларды исбилерменликке қызықтырыў

1
Жасларды исбилерменликке қызықтырыў

Жаслар ислери агентлиги Тахтакөпир районлық бөлими тәрепинен «Жаслар дәптери»не киргизилген исбилерменликке ҳәм шарўашылыққа қызығатуғын жумыссыз жасларға райондағы  жас исбилерменлердиӊ көргизбели ушырасыўы шөлкемлестирилди. Ушырасыўға «Ерназар асал ари» фермер хожалығы баслығы Расул Утемуратов ҳәм «Жаӊа шарўа» фермер хожалығы баслығы Малекеев Шамшатлер өзлериниӊ алып барып атырған исбилерменлик жумыслары менен таныстырды. Бәнтликке көмеклесиў орайы тарепинен субсидия ажыратылыўы арқалы исбилерменлер тәрепинен 30 дан аслам жумыссыз жаслардыӊ бәнтлигин тәмийинлеў мәселеси келисип алынды. 

Ушырасыўда жасларымыз өзлериниӊ қызықтырған сораўларына жуўаплар алды.

Тахтакөпир районы ҳәкимлиги мәлимлеме хызмети