Sport Спорт-инсан саламатлығының гиреўи.

Спорт-инсан саламатлығының гиреўи.

0
Спорт-инсан саламатлығының гиреўи.

Президентимиздиң спортты раўажландырыўға байланыслы қабыл етилген қарарлары менен Пәрманларының тийкарында елимиздиң ҳәр бир пуқарасының саламатлығы турады. Усындай әҳмийетли ҳүжжетлердиң бири Президентимиздиң 2020-жыл 24-январь күни жәрияланған “Өзбекстан Республикасында физикалық тәрбия ҳәм спортты және де жетилистириў  ис-илажлары ҳаққында”ғы Пәрманы болып табылады. Пәрманда атап өтилгениндей, физикалық тәрбия ҳәм спорт системасын реформалаўдың 2025-жылға дейинги тийкарғы жөнелислери белгилеп берилген. Пәрман тийкарында елимизде физикалық тәрбия ҳәм спортты ғалабаластырыў, халқымыз арасында саламат турмыс тәризин нәсиятлаў, жасларды спортқа кең түрде қамтып алып, олардың арасындағы қәбилетли спортшыларды саралап, жоқары оқыў орынларына студентликке қабыллаў арқалы билим дәрежесин көтериў-жақсы нәтийжелерди бермекте. Ҳәр тәреплеме жоқары мәдениятлы жас әўлад жетилисип атыр.

Тахтакөпир районлық Балалар-өспиримлер спорт мектебине 1987-жылы тийкар салынды. Жыллар даўамында атамасы өзгерип келген спорт мектеби Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2018-жыл 5-марттағы "Дене тәрбия ҳәм спорт тараўында мәмлекетлик басқарыў системасын түптен жетилистириў ҳаққында"ғы Пәрманы менен балалар-өспиримлер спорт мектеби деп қайта аталды. Мектептиң мақсети - бәркамал, саламат әўладты тәрбиялаў, елимиздиң  шыныққан, сап денели келешегин таярлап бериў.  Дәслеп кең спорт залы, быйылғы жылы болса заманагой қапламалы футбол майданшасы пайдаланыўға берилди. Буннан да басқа районда 74 орында спорт майданшасы жас өспиримлер ушын хызмет етеди.  Тахтакөпирли спорт сүйиўши жас әўлад бүгин спорттың қайсы түри менен шуғылланыўды қәлесе, барлық мүмкиншилиги бар. Аналар ушын бир ўақытлары әрман болған спорт гимнастикасында бүгин қызалақларымыз жеңимпаз болмақта, көптен үзилиске түскен  ”Дәўқара” футбол командасының қайта дүзилиўин район халқы үлкен қуўаныш пенен қабыл алды ҳәм оларды қоллап-қуўатлап келмекте.

Балалар-өспиримлер спорт мектебинде спорттың дзюдо, көркем гимнастика  ҳәм футбол түрлери менен шуғылланса, қалған тоғыз түрдеги спорт шынығыўлары мектепке шекемги билимлендириў шөлкеми ҳәм улыўма билим бериў мектеплериниң спорт майданшалары менен спорт залларында  алып барылады. Спорт мектебиниң тренерлери тийкарынан усы мектептен шыққан ҳәм республикалық жарысларда нәтийжеге ерисиўи арқалы жоқары оқыў орынларын тамамлаған қәниге жаслардан ибарат. Устаздан озған шәкиртлер қайта шәкиртлер таярламақта ҳәм нәтийжелери де көзди қуўантады.

 

Тахтакөпир районы ҳәкимлиги мәлимлеме хызмети