Siyosat Шаңарақларға жәрдемге қара мал

Шаңарақларға жәрдемге қара мал

0
Шаңарақларға жәрдемге қара мал

Мәмлекетимиз тәрепинен  кем тәмийинленген шаңарақларды қоллап-қуўатлаў ислери даўам етип атыр.

Тахтакөпир районындағы 1-сектор аймағындағы "Дәўир" мәкан пуқаралар жыйынында 740 хожалық болып, соннан 19 хожалық кем тәмийингенлер қатарында "Темир дәптер"ге киргизилген. Усы дәптерге енген шаңарақлардың жасаў шараятына жәрдем бериў, өзин-өзи тәмийинлеў мақсетинде биринши нәўбетте жәрдемге мүтәж шаңарақларға қара маллар берилди.

 

Тахтакөпир районы ҳәкимлиги мәлимлеме хызмети