Siyosat 16-ноябрь - Миллетлераралық татыўлық күни

16-ноябрь - Миллетлераралық татыўлық күни

0
16-ноябрь - Миллетлераралық татыўлық күни

Елимиз көп миллетли халықлардан ибарат болып, ҳәр бир пуқараның миллетине, динине қарамастан ҳәмме теңдей ҳуқыққа ийе.
Елимиздиң бир бөлеги болған Тахтакөпир районы әзелден ҳәр түрли миллет ўәкиллеринен қуралған. Районда бүгинги күнде 40 200 ге шамалас халық жасайды. Районлық статистика бөлиминиң берген мағлыўматына сүйенетуғын болсақ, 22239 қарақалпақ, 16997 қазақ, 365 өзбек, 169 қырғыз миллетиндеги пуқаралар менен бирге рус, татар, түркмен, кореец тағы басқа миллет ўәкиллери бар. Олар үлкен аўызбиршилик пенен жасап ҳәм мийнет етип атыр.
Халықлар дослығы нығайған, жеке адамлардың, социаллық журтшылық арасында мәдений, диний, және басқа айырмашылықлардың нызамлылығы мойынланған елде жасап атырған ҳәр бир миллет ўәкилин бүгинги Миллетлераралық татыўлық күни менен қутлықлаймыз.

Тахтакөпир районы ҳәкимлиги мәлимлеме хызмети