Siyosat Тахтакөпирде баспасөз конференциясы өткерилди

Тахтакөпирде баспасөз конференциясы өткерилди

0
Тахтакөпирде баспасөз конференциясы өткерилди

Баспасөз конференциялары халықтың машқалаларынан келип шыққан ҳалда шөлкемлестирилип, тараў басшыларынан жуўаплар талап етеди. Бундағы мақсет журналистлер менен блогерлердиң халық пенен бир болып, олардың мүрәжатларын шешиўде бирден-бир жәрдемши болыўдан ибарат. Тахтакөпир районы ҳәкимлигиниң мәжилислер залында ҳәзирги гүзги-қысқы мәўсимдеги жылытыў мапазының барысына бағышланған баспасөз конференциясы болып өтти.  Президентимиз Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында усы жылы 18-сентябрь күни ишимлик суўы тәмийнаты ҳәм канализация системасын жетилистириў, гүзги, қысқы мәўсимге таярлық жумысларын жеделлестриў мәселелерине арналған видеоселектор мәжилисинде быйыл қыс мәўсими суўық болып, ҳаўаның температурасы алдыңғы жылларға салыстырғанда 2-5 градусқа төмен болыўы күтилип отырғаны, сол себепли Министрлер Кабинети район ҳәм қалалардағы гүз қысқа таярлық бойынша  Қарақалпақстан Республикасы ҳәм ҳәр бир ўәлаят бойынша өз алдына тапсырмалар берилген еди. Усы тийкарда қабыл етилген қарар менен районда алып барылған жумыслар бойынша тараў басшылары есабат берди ҳәм журналистлер қызықтырған сораўларына  жуўаплар алды. Баспасөз конференциясында журналистлер тәрепинен аймағымызда күтилип отырған түнги ўақытлары ҳаўа райының кескин суўытыўына байланыслы авариялық жағдайлардың алдын алыў, социаллық тараў мекемелери имаратларында зәрүр температураны сақлаў, тутыныўшыларды электр энергиясы, тәбийий газ, ишимлик суўы, тәбийий газ жетип бармайтуғын алыс аймақларды суйық ҳәм қатты жанылғы  менен тәмийинлеўде әмелге асырылып атырған ўазыйпалар бойынша сораўлар берилди. Соның менен бирге баспасөз конференциясында социаллық тараў ўәкиллери  де қатнасып, олар жуўапкер тараў басшыларына өзлериниң пикир усынысларын билдирди. Әлбетте, быйылғы мәўсимлеримиз өткен дәўирлерден өзгеше. Себеби, пандемия даўам етип атырған бир ўақытта халқымыз ушын қыстан жыллы шығыў мәжбүрияты жүдә зәрүр. Баспасөз конференциясының өткерилиў мазмуны да журналистлердиң сораўлары итибарға алынып ҳәм орынланыўы менен қунлы.

Тахтакөпир районы ҳәкимлиги мәлимлеме хызмети