Siyosat Кадр таңлаў тийкарында сәўбет

Кадр таңлаў тийкарында сәўбет

0
Кадр таңлаў тийкарында сәўбет

Исенимли, өз кәсибин жақсы меңгерген қәниге елимиздиң гүллеп-раўажланыўында ылайықлы түрде үлесин қоса алады. Усы мақсетте барған  сайын  кадрлар сиясатына айрықша кеўил бөлинип атыр. Мәмлекетлик хызметти раўажландырыў агентлигиниң "Мәмлекетлик пуқаралық хызметкерлери вакант лаўазымларының бирден-бир  "(https://vacancy.argos.uz/) ашық порталында дизимнен өтиў арқалы пуқараларға хабар жөнетиледи ҳәм сәўбетлесиў ўақыты көрсетиледи. Хызметтиң пуқаралар ушын айрықшалығы қәнигеликке талабанлар ўақытын бийкар сарп етпестен, онлайн ҳүжжет тапсырыў мүмкиншилигине ийе болады.
Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Мәмлекетлик хызметин раўажландырыў агентлиги Қарақалпақстан филиалы Тахтакөпир районы ҳәкимлиги менен биргеликте "Инвестициялар ҳәм сыртқы саўда бөлими жетекши қәнигеси" лаўазымы ушын ашық таңлаў жәриялаған еди.
Район ҳәкимлигиниң инвестиция ҳәм сыртқы саўда бөлими жетекши қәнигеси лаўазымы ушын порталға ҳүжжетлери келип түскен төрт пуқара менен сәўбетлесиў алып барылды. Оларға қәнигелигине тийисли ҳәм ҳәр қыйлы сиясий саўаллар берилди. Әлбетте, инвестиция ҳәм сыртқы саўда жумыслары-елимиздиң келешеги. Қәнигениң шет ел тиллерин билиўи де әҳмийетли. Лаўазымға ылайықлы кадр таярлаўда усы тәреплери де есапқа алынады. Арнаўлы комиссия тәрепинен шешим анықланғаннан кейин қатнасыўшыларға және таңлаўдың жуўмағы онлайн хабарландырылады. Усындай абзаллықлардан келешекте пуқараларымыз кең түрде пайдалана алады. Бундай ашық, бийғәрез таңлаўлар  коррупцияның алдын алыў менен бирге кадрлар сиясатының ҳақыйқый түс алыўында жәрдем беретуғыны анық.

Тахтакөпир районы ҳәкимлиги мәлимлеме хызмети