Siyosat Бир мақсетте режелер ислеп шығылды

Бир мақсетте режелер ислеп шығылды

0
Бир мақсетте  режелер  ислеп шығылды

Бүгин Жаслар аўқамы Тахтакөпир районлық Кеңеси  Жаслар аўқамы Қараөзек районлық Кеңеси менен биргеликте Өзбекстан Республикасының «Жасларға тийисли мәмлекетлик сиясаты ҳаққында»ғы, сондай-ақ Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2020-жыл 30-июньдағы «Өзбекстан Республикасында жасларға тийисли мәмлекет сиясатын түптен реформалаў ҳәм жаңа басқышқа алып шығыў ис-илажлары ҳаққында»ғы  ПП-6017-санлы Пәрманы менен басқа да нызам ҳүжжетлери талапларынан келип шығып,  жасларға тийисли мәмлекетлик сиясатты нәтийжели әмелге асырыў  бойынша өз-ара бирге ислесиўдиң мазмун, принцип, ўазыйпа, бағдар ҳәм тәртиплерин белгилеп бериў, өз-ара сǝрдарлар Кеңеси жумысын нǝтийжели жолға койыў ҳәм қарым-қатнасықты беккемлеў мақсетинде меморандумға қол қойды. 

Бул бойынша еки райондағы Сǝрдарлар Кеңеси өз-ара пикир алмасып, алдағы ўақытлары ǝмелге асырылатуғын ис-режелер ислеп шығылды ҳәм биргеликте ǝмелге асырыўға келисилип алынды.

Тахтакөпир районы ҳәкимлиги мәлимлеме хызмети