Siyosat "Қоструба"да қуяш батареясы

"Қоструба"да қуяш батареясы

0
"Қоструба"да қуяш батареясы

Тахтакөпир районындағы "Қоструба" мәкан кеңеси пуқаралар жыйыны көпшиликтиң еле табаны тиймеген елат. Себеби бул жыйын район орайынан 150 километр қашықлықта жайласқан. Бул аймақта 101 хожалық болып, халқының саны  483ти қурайды.

196 оқыўшыға мөлшерленген 23-санлы орта мектепте шарўа халқының 38 ул-қызы билим алып атыр. Оларға 12 педагог оқытыўшылар бекитилген. Мектеп имаратында китапхана, спорт залы, лаборатория ханасы заманагой түрде шөлкемлестирилген. Бирлескен миллетлер шөлкеминиң Раўажландырыў бағдарламасы, Бейимлесиў қоры тәрепинен 300 ватт қуўатлылыққа ийе болған электр энергиясын жеткерип бериўши қуяш батареясы алып келинди ҳәм орнатылды. Бул ҳаққында район ҳәкиминиң шегара ислери бойынша жәрдемшиси Нурполат Жарылқасынов мағлыўмат берди. "Қоструба"лы оқыўшылар ҳәм оқытыўшылар жыл даўамында хана жарытқышлары менен компьютер технологияларынан үзликсиз пайдаланыў мүмкиншилигине ийе болады.

Тахтакөпир районы ҳәкимлиги мәлимлеме хызмети