Siyosat ҲАЯЛЛАР ФОРУМЫ ӨТКЕРИЛДИ

ҲАЯЛЛАР ФОРУМЫ ӨТКЕРИЛДИ

0
ҲАЯЛЛАР ФОРУМЫ ӨТКЕРИЛДИ

Тахтакөпир районлық мәҳәлле ҳәм шаңарақты қоллап-қуўатлаў бөлими ҳаял-қызлар жәмәәтшилик кеңесиниң шөлкемлестириўи менен 11-санлы орта мектепте, 15-санлы мектепке шекемги билимлендириў мекемеси ҳәм районлық медицина бирлеспеси басланғыш шөлкемлери баслықларының қатнасыўында "Ҳаял-қызлардың сиясий белсендилигин асырыў бойынша басланғыш шөлкемлердиң тәжирийбеси" атамасында ҳаяллар форумы өткерилди.

Форумды мәҳәлле ҳәм шаңарақты қоллап-қуўатлаў бөлими баслығының биринши орынбасары А.Аллиярова басқарып барды.Форумда ҳаял-қызлардың жәмийеттеги тутқан орны, сиясий белсендилиги, гендер теңлиги мәселелери сөз болды.

Тахтакөпир районы ҳәкимлиги мәлимлеме хызмети