Siyosat АЙРЫҚША ЖАҒДАЙЛАРДЫ САПЛАСТЫРЫЎ ИЛАЖЛАРЫ

АЙРЫҚША ЖАҒДАЙЛАРДЫ САПЛАСТЫРЫЎ ИЛАЖЛАРЫ

0
АЙРЫҚША  ЖАҒДАЙЛАРДЫ  САПЛАСТЫРЫЎ  ИЛАЖЛАРЫ

   Район аймағында пайда болған өрт ҳәм айрықша жағдайлардың көпшилигин мәҳәллелерде, аўыл пуқаралар жыйынларына қараслы шаңарақларда  ушырасып атырғанлығы анықланбақта. Сонлықтанда  мәҳәллелер, аўыл пуқаралар жыйынларында пуқаралар арасында өрт ҳәм айрықша жағдайлардың алдын алыў қағыйдаларын туўры үгит-нәсиятлаў менен биргеликте оны сапластырыў илажларын да көриў зәрүр деп ойлаймыз.     

      Бул бағдарда районлық Айрықша жағдайлар бөлими хызметкерлери тәрепинен бир қатар анық илажлар көрилип атырғанлығын, сондай-ақ, суўсыз аймақларда өртке қарсы суў тәмийнаты жағдайын жақсылаў бойынша көрилип атырған  илажлар барысында тийисли шөлкемлер тәрепинен мәҳәллелерде, район орайынан алыста жайласқан  аўыллық орынларда, ППЖ, МПЖ, АПЖ аймақларында өртке қарсы суў хәўизлериниң, өрт өшириў гидрантларын тазадан қурыў жумыслары әмелге асырылмақта. 2020-жылдың усы күнине шекем район аймағындағы Дәўир МПЖ, Ғәрезсизлик МПЖ ҳәм Тахтакөпир АПЖ аймақларында суў өткизгиш трассаларында 53 дана, район орайындағы тазадан қурылған көп қабатлы турақ жайлар аймағында жәми 15 дана өрт өшириў гидрантлары тазадан орнатылды. Буннан тысқары тазадан қурылған ҳәм қайта реконструкция исленген имаратлардың ҳәммесинде өртке қарсы суў алыў гидрантлары орнатылып, айрықша жағдайлардың алдын алыўға жақыннан жәрдем бермекте.

        Район аймағында өртке қарсы суў ҳәўизлерин жобаластырыў, қурыў ҳәм олардан пайдаланыў нәтийжелилигин асырыў, насаз болған өртке қарсы суў ҳәўизлерин оңлап, саз ҳалатка келтириў, олардың истен шығып қалыўының алдын алыў ҳәм оларды толтырыўда кем қәрежет жумсап нәтийжелилигин асырыўдан ибарат. Бүгинги күнде өрт ҳәм айрықша жағдайларды тез ҳәм аз муғдардағы шығын менен сапластырыў ушын көшелерде, өрт өшириў автомобильлериниң өтиў жолларында, суў ҳәўизлери ҳәм өрт өшириў гидрантларына барыў жолларындағы ушырасып атырған ҳәр түрли тосықларды алып таслаў шараларын көриўимиз зәрүр.Оларды сапластырыў ушын барлық мекеме, кәрхана, МПЖ, АПЖ басшылары, сондай-ақ, ҳәр бир пуқаралар үлкен итибар менен қарап, айрықша жағдайлардың алдын алыў, жүз берген жағдайда тез арада сапластырып, инсанлардың өмирин ҳәм мал-мүлкимиздиң аман сақланыўына үлес қосыўымыз керек.

 Б.НАҒМЕТУЛЛАЕВ

Районлық Айрықша жағдайлар бөлими смена баслығы