Siyosat Нәўбеттеги сессия өткерилди

Нәўбеттеги сессия өткерилди

0
Нәўбеттеги сессия өткерилди

Тахтакөпир районы ҳәкимлигиниң мәжилислер залында халық депутатлары Тахтакөпир районлық Кеңесиниң он үшинши сессиясы болып өтти. Сессия жумысына АКБ "Агробанк" басқарыўшысының биринши орынбасары Ш.Расулов, районлық Кеңестиң депутатлары, район ҳәкиминиң орынбасарлары, мекеме, кәрхана, өзин-өзи басқарыў уйымлары баслықлары қатнасты.

Сессияны 12-санлы "Бердақ" сайлаў округинен районлық Кеңестиң депутаты Е.Бегманов ашты ҳәм басқарып барды. Сессияның күн тәртибинде Өзбекстан Республикасы Президентиниң усы жыл 2-октябрь күни  Қарақалпақстан Республикасына сапары даўамында белгилеп берилген тапсырмалар тийкарында Тахтакөпир районында әмелге асырылып атырған жумыслар ҳәм Өзбекстан Республикасы Президенти тәрепинен 2020-жыл 16-октябрь күни өткерилген видеоселектор мәжилисинде белгиленген ўазыйпалардың район көлеминде орынланыўы бойынша мәселелер көрип шығылды.

Район ҳәкиминиң қаржы-экономика ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў  мәселелери бойынша биринши орынбасары Д.Жаңабаевтың баянаты тыңланды. Баянатта атап өтилгениндей, Тахтакөпир районында исбилерменлик тараўын еле де раўажландырыў мақсетинде Президентимиз тәрепинен берилип атырған салық жеңилликлери, районның шетки аймақларынан болған, шараяты аўыр деп табылған "Маржанкөл" ҳәм "Қоңыраткөл" аўыл пуқаралар жыйынларын үйрениў нәтийжелери бойынша мағлыўматлар берди.

Сондай-ақ, районымызда қурылыс тараўында әмелге асырылыўы керек болған ўазыйпалар ҳаққында район ҳәкиминиң санаатты раўажландырыў, капитал қурылыс, коммуникациялар ҳәм коммунал хожалығы мәселелери бойынша орынбасары Д.Жумабаев, район ҳәкиминиң орынбасары, инвестициялар ҳәм сыртқы саўда бөлими баслығы К.Дарибаевлар шығып сөйледи. Сессия барысында "2020-2023-жылларда Қарақалпақстан Республикасын комплексли социал-экономикалық раўажландырыў ис-илажлары ҳаққында"ғы қарар жойбары додаланды. Депутатлар тәрепинен усыныслар киргизилип, олардың пикирлери тыңланды.

Сессияда қаралған мәселелер бойынша қарар қабыл етилди.

 Тахтакөпир районы ҳәкимлиги мәлимлеме хызмети