Siyosat Мәмлекетлик тилге ҳүрмет – сол жерде жасаўшы ҳәр бир инсанның әдиўли иси

Мәмлекетлик тилге ҳүрмет – сол жерде жасаўшы ҳәр бир инсанның әдиўли иси

0
Мәмлекетлик тилге ҳүрмет – сол жерде жасаўшы ҳәр бир инсанның әдиўли иси

Мәмлекетлик тилге ҳүрмет көрсетиў, оның тазалығын сақлаў, раўажланыўына үлес қосыў сол елде жасаўшы ҳәр бир пуқараның инсаныйлық ўазыйпасы. Себеби, биз усы елде туўылдық, ер жеттик, камалға келдик, өнип-өстик, нанын жедик, суўын иштик. Сонлықтан, сол елдиң тилине, үрп-әдетлерине, динине қыянет ете алмаймыз. Бул адамгершилик жағынан да туўры болмайды.

Жумыс барысы менен исбилерменлик субъектлериндеги реклама баннерлерин көп үйренемен. Биреўлери өзге тилде жазылған болса, айырымларында имла қәтелери гезлеседи. Субъектлердиң ийелерине түсиник жумысларын алып барғанымызда көпшилиги дурыс түсинип, реклама баннерлерин өзгертти. Ал айырымлары баннерге жумсалатуғын қаржыны бәнелеп тайсалақлады. Сонда бир ой туўылады «Арзымаған қаржыға қыйналамыз да, тилимиздиң шубалаңқылығына, оның тазалығына жанымыз ашымаса, жүрегимиз сызламаса биз қандай улмыз, қандай қызбыз, қандай перзентпиз?!» Гүллән халқымызға бир өтиниш етпекшимен: мәрт ата- бабаларымыздан бизге мийрас болып қалған ана тилимиздиң тазалығын сақлап, урпақларымызға сап қарақалпақ тилин жеткизиўге бәримиз теңдей ат салысайық!

Султан УЗАҚБАЕВ