Siyosat Баспа ҳәм полиграфия хызметин баслағанлығы ҳаққында ўәкилликли органды хабардар етиў тәртиби тастыйықланды

Баспа ҳәм полиграфия хызметин баслағанлығы ҳаққында ўәкилликли органды хабардар етиў тәртиби тастыйықланды

0
Баспа ҳәм полиграфия хызметин баслағанлығы ҳаққында ўәкилликли органды хабардар етиў тәртиби тастыйықланды

Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2020-жыл 22-июнь күни «Баспа ҳәм полиграфия хызметин баслағанлығы ҳаққында ўәкилликли органды хабардар етиў тәртиби ҳаққындағы режелерди тастыйықлаў ҳаққында»ғы 401-санлы қарары қабыл етилди.

Қарар менен Баспа ҳәм полиграфия хызметин баслағанлығы ҳаққында ўәкилликли органды хабардар етиў тәртиби ҳаққындағы режелер тастыйықланды.

Бул режелер юридикалық ҳәм физикалық шахслар тәрепинен баспахана хызметин баслағанлығы ҳаққында Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясы жанындағы Хабар ҳәм ғалаба коммуникациялар агентлигин, полиграфия хызметин баслағанлығы ҳаққында Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясы жанындағы Хабар ҳәм ғалаба коммуникациялар агентлигиниң Қарақалпақстан Республикасы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы Хабар ҳәм ғалаба коммуникациялар аймақлық басқармаларын (кейинги орынларда ўәкилликли орган деп аталады) хабардар етиў тәртибин белгилейди.

Сондай-ақ, бул режелер мәмлекетлик ҳәкимият ҳәм басқарыў органлары, судлар, прокуратура органлары тәрепинен рәсмий материаллар, норматив ҳүжжетлер топламлары ҳәм басқа ҳүжжетлер басып шығарыўына, республикалық әҳмийетке ийе болған мәмлекетлик емес ҳәм коммерциялық емес шөлкемлер, сондай-ақ, кәрханалар, шөлкемлер, оқыў ҳәм илимий мекемелер тәрепинен өз хызмети ушын зәрүр болған ҳәм қолжазба ҳуқықлары менен ғалаба түрде тарқатыў яки көбейтиў ушын мөлшерленбеген материалларды басып шығарыўға қолланылмайды.

Баспа ҳәм полиграфия хызметин баслағанлығы ҳаққында ўәкилликли органды он күн ишинде юридикалық шахстың баслығы яки физикалық шахс (полиграфия) тәрепинен Мәмлекетлик хызметлер орайлары арқалы яки Өзбекстан Республикасы Бирден-бир интерактив мәмлекетлик хызметлер порталы арқалы хабардар етеди.

Мәмлекетлик хызметлер орайлары арқалы яки Өзбекстан Республикасы Бирден-бир интерактив мәмлекетлик хызметлер порталы арқалы хызметлерден пайдаланғанда хабардар етиўшиде электрон санлы имза болыўы шәрт.

Баспа ҳәм полиграфия хызметин баслағанлығы ҳаққында ўәкилликли мәмлекетлик органын хабардар етиў ушын усы Реже менен тастыйықланған хабарнама толтырылады.

Хабардар етиўши мәмлекетлик хызметлер орайына келип мүрәжат еткенде, мәмлекетлик хызметлер орайы хызметкери тәрепинен мәмлекетлик реестрге киргизилгенлигин тастыйықлаўшы ҳүжжет автоматикалық тәризде QR-код қойылған ҳалда қәлиплестириледи.

Хабардар етиўши Бирден-бир интерактив мәмлекетлик хызметлер порталы арқалы мүрәжат еткенде мәмлекетлик реестрге киргизилгенлигин тастыйықлаўшы ҳүжжетти еркин алады.

Хабарнамаға толық болмаған яки натуўры мағлыўматлар киргизилгенде мәмлекетлик хызметлерди көрсетиўден автоматикалық тәризде бас тартылыўына тийкар болады.

Юридикалық ҳәм физикалық шахслардың аты, шөлкемлестириў-ҳуқықый формасы, сондай-ақ, қәнигелесиўи ҳәм жайласқан жери (почта мәнзили) өзгергенде хабардар етиўши жигирма жумыс күни даўамында тийисли мағлыўматларды мәмлекетлик хызметлер орайларына усынады ҳәм мәмлекетлик хызметлер орайлары яки ББИМХП усынылған мағлыўматларды сол күнниң өзинде мәмлекетлик реестрге тийисли өзгерислер киргизиў ушын белгиленген тәртипте ўәкилликли органға автоматикалық тәризде жибереди.

Баспа ҳәм полиграфия хызметин баслағанлығы ҳаққында ўәкилликли органды хабардар етпеў нызамшылықта белгиленген тәртипте юридикалық ҳәмде физикалық шахслардың жуўапкершилигине себеп болады.

Баспа ҳәм полиграфия хызметин баслағанлығы ҳаққында ўәкилликли органды хабардар етиў ушын жыйым ҳәм мәмлекетлик бажы өндирилмейди.

Ўәкилликли орган хабарнамаларды есапқа алады ҳәм мәмлекетлик реестрин жүргизеди.

Мәмлекетлик реестрде төмендеги мағлыўматлар болыўы шәрт:

салық төлеўшиниң идентификация номери (ИНН);

Баспа ҳәм полиграфияның толық ҳәм қысқартылған аты, шөлкемлестириўшилик-ҳукықый формасы;

хызметин баслаған сәне ҳәм реестр номери;

Баспа ҳәм полиграфия хыметиниң қәнигелесиўи;

почта мәнзили, телефоны ҳаққында мағлыўматлары;

Т.Жусипов

Тахтакөпир районы Мәмлекетлик хызметлер орайы бас қәнигеси