Siyosat Ысытыў қазанларынан пайдаланғанда өрт қәўипсизлиги қағыйдалары

Ысытыў қазанларынан пайдаланғанда өрт қәўипсизлиги қағыйдалары

0
Ысытыў қазанларынан пайдаланғанда өрт қәўипсизлиги қағыйдалары

Ҳәзирги күнде бир ҳәм көп қабатлы турақ жайларда, кәрханаларда ысытыў қазанлары имараттың ишки тәрепине жайластырылыўының гүўасы болмақтамыз. Сонлықтан, ҳәзирги күнде (әсиресе қыс мәўсиминде) өртлердиң пайда болыўы, газ ийисинен зәҳәрлениўи ҳәм шақнаў ҳалатлары тез-тез ушырасып турады. Бундай бахытсыз ўақыялардың алдын алыў, болдырмаў мақсетинде Тахтакөпир районы  Айрықша жағдайлар бөлими ҳәм газ тәмийнаты  хызметкерлери менен район аймағында профилактикалық илажлар әмелге асырылмақта.

Биз ески ҳәм жаңа түрдеги ысытыў қазанлары (котёл) ҳаққында мағлыўмат берип өтемиз.

Тийкарынан, ески тәртиптеги ысытыў қазанлары (котёллар) ҳәзирги күнде имаратты ысытыў мақсетинде имаратқа орнатыў усыныс етилмейди. Бирақ, үйинде бурыннан ески түрдеги ысытыў қазанлары орнатылған пуқараларға усынысларымыз төмендегилерден ибарат:

-бир қабатлы жасаў үйлериниң ысытыў қазаны 12 кв.метрден кем болмаған бөлмеде жайластырылып, оның есиги сыртқы тәрепке ашылыўы керек. Бөлме  ишинде ҳаўа айланып туратуғын люк яки айна (вентиляция системасы) болыўы (себеби газ ҳаўа менен араласып жаныўын есапқа алып, ысытыў қазанханасының жаныў процеси даўамында бөлмеде 90% муғдарында ҳаўа айланысы тәмийинлениўи) керек.

-ысытыў қазанханасының (котёл) морысы жасаў үйинен ең кеми 50 см бийикликте турыўы ҳәм морының жоқары тәрепинде саябан (зонт) болыўы усыныс етиледи.

-морының изоляция етилиўи қәўипсизлик тәрептен мақсетли есапланады.

Улыўма алғанда, тек ғана ысытыў қазанханасы (котёлхана), бәлким, басқа бөлмелерде де хаўаның бир бағытта айланыўы ушын да  вентиляция шахтасы болыўы усыныс етиледи. Өртке қарсы жәмийетшилик, сондай-ақ, газ тәмийнаты хызметкерлерине, имаратқа келип турған газ трубасы ҳәм газ плита қулақлары, ысытыў қазанханалары (котёл) бир жылда 1 мәртебе (гүз мәўсиминде) техникалық көриктен ҳәм бир жылда 2 мәртебе (бәҳәр ҳәм гүз мәўсимлеринде) профилактикалық көриктен өткерип турыўыңызды усыныс етемиз.

Заманагөй ысытыў қазанына (Аристон котёл) айрықша электр тармағы (автомат) менен бирге, бир түрдеги электр тармағын (стабилизатор) орнатыў, бөлмедеги жаныўшы материаллардан алысырақ орында қурыў усыныс етиледи.

ысытыў қазаны (Аристон котёл) жайласқан бөлмеде айна яки люк арқалы (вентиляция) ҳаўа алмасып турыўы мақсетке муўапық болады.

заманагөй ысытыў қазанханаларының морысы темир трубадан орнатылыўы шәрт (пластик труба орнатыў мумкин емес).

-ысытыў қазанына (Аристон котёл) келип турған газ трубасы алдына газди тең бөлип бериўши редуктор қурылмасын орнатыў усыныс етиледи.

-ысытыў қазанын (Аристон котёл) күнине бир мәртебе профилактикалық көриктен ҳәм жылына бир мәртебе техникалық көриктен өткерип турыўыңызды усыныс етемиз.

Жолмурза Хожанов

Тахтакөпир районлық Айрықша жағдайлар бөлими баслығы орынбасары,капитан