Sport КЕЛЕШЕГИНЕН ҮМИТ КҮТТИРЕДИ

КЕЛЕШЕГИНЕН ҮМИТ КҮТТИРЕДИ

0
КЕЛЕШЕГИНЕН ҮМИТ КҮТТИРЕДИ

Өзи жас болыўына қарамастан Темирханның бойындағы күш ҳәр дайым оны алға умтылдырар еди. Бокс-Темирханның өмирине ең қызыққан өнери, мақсети, әрманы болып кирип келди.

«Тахтакөпир» аўыл пуқаралар жыйыны аймағындағы 7-санлы улыўма билим бериў мектебиниң 6-класын питкергеннен соң Темирхан Махсетбаев пайтахтымыздағы олимпия резервлери колледжинде ҳәм оқыўды, ҳәм бокс пенен шуғылланыўды мақсет етти. Ҳәзирги ўақытта сол дәргайда 2016-жылдан берли билим алып атыр. Тренери Асқар Жуманов пенен үзликсиз шынығыўлар алып барыўы нәтийжесинде азғана ўақыттың ишинде бир қанша жарыслардың жеңимпазы болды. Атап айтқанда, 2016-жылы Өзбекстан «Ёшлик» дене тәрбия ҳәм спорт жәмийети Қарақалпақстан бириншилигинде 57 килограмм салмақта екинши орынды, 2017-жылы Қарақалпақстан Республикасы кубогинде биринши орынды ийеледи. 2018-жылы «Ўатан қорғаәшылары күни» мүнәсибети менен өткерилген республикалық ашық турниринде 2004-2007-жылғылар арасында екинши орынды, Мәмлекетимиздиң Биринши президенти И.Каримовтың 80 жыллығына арналып өткерилген колледждиң ашық бириншилигинде биринши орынды, Хожели районында бокс бойынша XVIII халық аралық турнирде биринши орынды жеңип алды.

Темирхан быйылғы жыл басынан берли де талай жеңислердиң ийеси болды. Февраль айында 60 килограмм салмақта 2003-2004-жылы туўылған жас өспиримлер арасында Өзбекстан чемпионатында сыйлы үшинши орынды,  Өзбекстан боксшыларының естелигине бағышланған турнирде биринши орынды ийелеп, «Жарыстың ең күшли боксшысы» номинациясына ийе болды.

Усы жылдың 4-10-апрель күнлери Үргениш қаласында бокс бойынша 2003-2004-жылларда туўылған боксшылар арасында өткерилген Өзбекстан чемпионатында Андижан, Ферғана, Хорезм ҳәм Ташкентли қарсыласларын жеңип, биринши орынды ийеледи.

Темирханның бойынан табылатуғын бундай күш, умтылыс арқалы оның келешегинен үмит күтемиз. Бул үмит Темирханды еле де бийик шоққыларға ийтермелеп, мәмлекетимиз байрағын көклерде желбиретиўде күш-қуўат бағышлайды.

Муҳаббат ИЗИМБЕТОВА