Siyosat КИТАП-БИЛИМ БУЛАFЫ

КИТАП-БИЛИМ БУЛАFЫ

0
КИТАП-БИЛИМ БУЛАFЫ

Усы жыл 19-март сәнесинде өткерилген видеоселектор мәжилисиндеги Президентимиздиң халық ҳәм жаслар арасында китапқумарлықты үгит-нәсиятлаў бойынша берген усынысы елимиз бойлап қоллап-қуўатланбақта.

Районлық халық билимлендириў бөлимине қараслы 2-санлы улыўма билим бериў мектебинде «Ең жақсы китапқумар мектеп» ҳәм «Перзентиме китап саўға етемен» сүрени менен китаплар  акциясы өткерилди. Акцияға мектеп оқыўшыларының ата-аналары белсене қатнасып, олар 6150000 сумлық китапты мектеп китапханасына саўға етти