Siyosat ИСБИЛЕРМЕНЛИК БАСЛАМАЛАРДЫ ӘМЕЛГЕ АСЫРЫЎ УШЫН

ИСБИЛЕРМЕНЛИК БАСЛАМАЛАРДЫ ӘМЕЛГЕ АСЫРЫЎ УШЫН

0
ИСБИЛЕРМЕНЛИК БАСЛАМАЛАРДЫ ӘМЕЛГЕ АСЫРЫЎ УШЫН

Усы жылдың 4-сентябринен баслап аймақлардың социал-экономикалық аўҳалын үйрениў  ҳәм оны раўажландырыўға көмеклесиў мақсетинде Қарақалпақстан Республикасы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласында аймақлық исши топарлар өз жумысларын баслады.

Исши топарлар тәрепинен үйрениўлерде тийкарғы итибар республикамыздың аймақларында бос турған жер участкалары ҳәм мәмлекетлик мүлк объектлери жойбарларын әмелге асырыў бойынша мәжбүриятларын, соннан инвестиция ҳәм социаллық мәжбүриятларын көрсеткен ҳалда электрон аукцион саўдаларына қойылып, усы арқалы таза жойбарларды әмелге асырыў ҳәм жумыс орнын жаратпақшы болған исбилерменлерди  қамраўға қаратылды.

Булардың себеби, исбилерменлик жумысларды  раўажландырыў өз-өзинен болмайды. Бизнес реже, кредит, әсбап-үскенелер, ең тийкарғысы жер яки имарат болмаса жумыслар бир адым алдыға жылжымайды.

Ендигиден былай бундай  машқалалардың шешими табылды.

Мәмлекетимиз басшысының 2018-жыл 11-сентябрьдеги «Аймақларда исбилерменлик басламаларды ҳәм жойбарларды жедел әмелге асырыўды шөлкемлестириў илажлары ҳаққында»ғы  ПҚ-3939-санлы қарарына тийкарланып, бос турған мәмлекетлик мүлклер, жер участкалары инвестиция ҳәм социаллық мәжбүриятлары белгиленген ҳалда «E IJRO AUKSION» электрон онлайн аукцион саўдаларында сатылады.

Қарар талапларына муўапық, электрон аукцион өткериўдиң улыўма мүддети,    «E IJRO AUKSION» электрон саўда майданшасында әмелге асырылатуғын барлық тәртиплер менен бирге 10 күннен аспаўы лазым.

Орынлардағы исши топарлар болса, бос турған мәмлекетлик мүлк объектлери ҳәм жер участкаларының оларда нәтийжели жойбарларды әмелге асырыў бойынша мәжбүриятларды, соннан инвестиция ҳәм социаллық мәжбүриятларды көрсеткен ҳалда электрон аукцион саўдаларына қойылыўы тәмийинленди.

Бос турған мәмлекетлик мүлк объектлери яки участкалары аукцион жеңимпазына бир жылға дейин алдын ала резервке алыў шәртлеринде инвестиция шәртнамасында көрсетилген шәртлер орынланғаннан соң ийелик ҳәм пайдаланыў ҳуқықын  рәсмийлестирген ҳалда бериледи.

Егерде инвестор тәрепинен инвестиция шәртнамасында көрсетилген мәжбүриятлар орынланбаған жағдайда резервке алыў-инвестордың қәрежетлери қапланбаған ҳалда бийкар етиледи.

Ш.ИМАЛАТДИНОВ

Мәжбүрий орынлаў бюросы районлық бөлими баслығы орынбасары, 2-дәрежели юрист