Ma'daniyat БАРЛЫҚ ДҮНЬЯНЫ БАЛАЛАРFА БЕРЕЙИК!

БАРЛЫҚ ДҮНЬЯНЫ БАЛАЛАРFА БЕРЕЙИК!

0
БАРЛЫҚ ДҮНЬЯНЫ  БАЛАЛАРFА БЕРЕЙИК!

Кеўиллери гирбиңсиз, күлкилери кеўилге қонымлы нәрестелердиң шадлығын көриўден артық бахыт жоқ шығар?! Биз өткен 1-июнь-Халық-аралық балаларды қорғаў күни мүнәсибетине арналған, көпшилиги балалардан қуралған байрам салтанатында  усылай ойладық. Себеби, басқаға исенбей ата-анасы яки ажаға-ажапалары менен қол усласып жүрген балалар да, тәрбияшыларының изине бирдей кийинип алып шөжедей болып ерип жүрген сүйкимли балалар да кеўилли. Бақша тәрбияланыўшылары өзлериниң өнерлерин көрсетип, аяқ ойынлар атқарып, қосықлар, тақмақлар айтып атырса, еле бақша жасына жетпеген жетектеги балалар менен мектеп жасындағы балалар жаңадан ашылған аткөншеклерде ушпақта. Бала саны көп, әткөншеклер болса аз. Бийик аттракционда таласып-тармасып, қара тер болып төбеге шығып, және төменге сырғанап атырған нәрестелердиң ойынына қарап турып сүйсинесең. Аттракционда орын ийелеп алған нәрестениң қуўанышында болса шек жоқ. «Барлық дүньяны балаларға бериң!» Ким айтсада бул уран жүдә дурыс айтылған. Бәримиз де бала болғанбыз. Балалы болдық. Бала әзийз, бала шийрин, тили болса оннан да мазалы. Усындай тәрийплерге ийе балажанларымыздыңбайрамы ҳәр күни бола берсе екен дегиң келеди.

Ҳәр жылы район орайында өткерилетуғын, мектепке шекемги билимлендириў мекемелери тәрбияланыўшылары менен балалар музыка ҳәм көркем өнер мектеби қатнасыўшыларының атқарыўындағы концерт бағдарламасы менен тамамланатуғын байрам тамашалары быйыл өзгеше болды. Саяманлы жерде шөлкемлескен «Өтемис ата» балалардың дем алыс орайының ашылыўы-байрамды өзгеше өткериўге мүмкиншилик болды. Музқаймақ, салқын ишимликлер саўдасы, әтирапында аттракцион, әткөншеклер қурылған бул мәканды исбилермен жигит Сабыр Абдикаримовтың қолға алғанына бир жылға жақын ўақыт болған еди. Халық банк районлық филиалы тәрепинен 147 млн сумлық кредит алған ол, балалардың тамаша етиў, ойнаў аттракционларын  сатып алды ҳәм жақында пайдаланыўға берди. Бул районымызда балалардың кеўилли дем алысы ушын басланып  атырған дәслепки қәдем еди.

Байрам күни мүнәсибети менен ҳәр қыйлы таңлаўларға қатнасып, жеңимпаз   болған балалар бақшаларына баҳалы саўғалар тапсырылды.

Байрам мүнәсибети менен кем тәмийинленген, майып перзентлери бар шаңарақлардың жағдайынан хабар алынды. Балалар ушын 1 ҳәм 3-секторлар тәрепинен майыплар арбашалары тапсырылды.   

 

Гүлнара ДӘЎЛЕТМУРАТОВА