Fan va ta'lim ЖЫЛДЫҢ ЕҢ ЖАҚСЫ ПӘН МУFАЛЛИМИ КИМ?

ЖЫЛДЫҢ ЕҢ ЖАҚСЫ ПӘН МУFАЛЛИМИ КИМ?

0
ЖЫЛДЫҢ ЕҢ ЖАҚСЫ ПӘН МУFАЛЛИМИ КИМ?

Меҳир нуры ҳәр дайым көзлеринен жанып туратуғын устазлардың кәсибине пидайылығы, жанкүйерлиги олардың өз мийнетлеринде, шәкиртлериниң жетискенликлеринде көринеди.

Инсанның қаншелли дәрежеде билимли болыўы, өмирде өз орнын табыўы көпшилик ўақытта оған ең биринши мәрте сабақ берген муғаллимниң шеберлигинде деп билемен.

Бүгингидей илим ҳәм техниканың алға илгерилип атырған дәўиринде заман менен тең қәдем атпасаң анық мақсетке ерисиў қыйын. Жигирма, отыз жыл устазлық еткениң менен өзиң ушын, яки шәкирт таярлаўда нәтийжеге ериспесең бул жыллардың босқа кеткени болады. Сонлықтан муғаллим де оқыўшы сыяқлы ҳәр күни излениўи, алға қарай умтылыўы тийис. Мақсетке жетисиў ушын азғана ўақыттың өзи жетерли. Оның ушын алға талпыныўдан тоқтамаў тийис.

Райондағы 3-санлы қәнигелестирилген мәмлекетлик улыўма орта билим бериў мектебиниң қарақалпақ тили ҳәм әдебияты пәни оқытыўшысы Гүлнара Алиеваның да мектеп партасындағы сезим-туйғылары, муғаллимлерине болған ҳәўеси оны келешекте усы кәсипти таңлаўына әҳмийетли себеп болған шығар.

2016-жылы Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтының қарақалпақ тили ҳәм әдебияты факультетин питкерген Гүлнара сол жылдан баслап 3-санлы қәнигелестирилген мәмлекетлик улыўма билим бериў мектебинде қарақалпақ тили ҳәм әдебияты пәнинен сабақ берип келмекте.

Быйыл Гүлнара өз билим ҳәм тәжирийбесин «Жылдың ең жақсы пән муғаллими» таңлаўында сынап көрди. Исеними пәнт бермеди. Районлық басқыштан 81 балл топлап жоқары көрсеткишке ерискен ол Өзбекстан Республикасы басқышында 16 муғаллим болып және сынға түсти.

Таңлаў төрт басқышта өткерилип, ол сабақ исленбе ҳәм презентация таярлаў, қатнасыўшының ерискен жетискенликлери бойынша хошаметлеў балы, бийтаныс класста ашық сабақ өтиў, онлайн тест тапсырыўдан ибарат болды.

Қарақалпақ тилинде табу, эвфемизм, тарийхый сөзлер, архаизм деген терминлер бар. Булардың мәнисин шағатуғын болсақ, биз буннан миллийликти, тәрбияны сеземиз. Гүлнара да сабақ исленбе ушын усы теманы өзине мақул көрди.

Таңлаў жуўмағында 4 басқыш бойынша топланған баллар есапланып, Гүлнара таңлаўдың биринши орын жеңимпазы болды. Биз Гүлнараны ерискен бул табысы менен қутлықлаймыз.

Муҳаббат ИЗИМБЕТОВА