Ma'daniyat Ю.ПАХРАТДИНОВТЫҢ ТУЎЫЛFАНЫНА 80 ЖЫЛ ТОЛЫЎЫ АЛДЫНАН УСТАЗЫ ЖАҚСЫНЫҢ-УСТАМЫ ЖАҚСЫ

Ю.ПАХРАТДИНОВТЫҢ ТУЎЫЛFАНЫНА 80 ЖЫЛ ТОЛЫЎЫ АЛДЫНАН УСТАЗЫ ЖАҚСЫНЫҢ-УСТАМЫ ЖАҚСЫ

0
Ю.ПАХРАТДИНОВТЫҢ  ТУЎЫЛFАНЫНА  80  ЖЫЛ  ТОЛЫЎЫ АЛДЫНАН       УСТАЗЫ ЖАҚСЫНЫҢ-УСТАМЫ ЖАҚСЫ

Ҳәр бир инсанның мектеп партасынан баслап тәрбия ҳәм билим бериў усылы менен жүрегине жақын болып қалған устазлары болады. Жоқары оқыў орнында билим берген устазларымның арасында  мен ушын қарақалпақ әдебияты пәни оқытыўшымыз Юнис Пахратдиновтың тутқан орны айрықша еди. Бир сөз айтпайтуғын, айтса орынлатпай қоймайтуғын устаздың талапшаңлығы, өз кәсибине пидайылығы, керек жеринде шаңарақлы, балалы студентлердиң жай-жағдайын да түсинип билетуғын устаздан үйренгенимиз, өзимиздиң бойымызға сиңириўге талпынған адамгершиликли тәреплери жүдә көп болды. Пахратдиновтың талабы менен биз-болажақ журналистлер қарақалпақ классик әдебиятының дарғалары болған Бердақ, Әжинияз, Өтеш ҳәм тағы басқа шайырлардың  төрт жүзден аслам қосықларын ядлап алғанбыз. Бүгинги күни арадан отыз жылдан аслам ўақыт өтседе, қайсы шайырдың қосығы атқарылса  да еле бизиң ядымыздан шыққан жоқ, қосылып айта беремиз. Бизлерге кураторлық еткен ҳәм билим берген устаз, бизиң тилимизде  Жүгинис  аға  болып кеткен  Юнис  Пахратдиновтың  ғаўаша тәрбиясында ҳәм  пахта жыйын-терим мапазындағы тынып-тыншымаслығына ҳайран қалатуғын едик. «Бул киси өзи түнде уйықлайма екен?» дейтуғын еди сонда таңғы төрт-беслер шамасында өзи жуўырып жүрип, бизлердиң айнамызды қағып оятқанына, уйқысын қыймайтуғын айырым қызлар. Ҳәр күни ерте таңда жуўырыўды бир өмир әдетке айналдырған  устаз ериншек, жалқаў оқыўшыларды жаны сүймейтуғын еди.

Жасыратуғыны жоқ, 5-курс-питкериўши пайытымызда бизден бир жыл бурын питкерип кеткен қызлардан диплом жумысына кимлерди басшы еткенин, қайсы муғаллим студенттиң тили менен айтқанда «жақсы» екенин барластыра басладық. Журналымыздың артқы бетлеринде ата-анамыздың жумыс орны жазылатуғын еди. Қоңыратлы группаласым «әкемди салы бригадир деп бир мақтанайын», деп жаздырып еди. Сол басына бәле болды. Мениң менен сол қызды  және бир әдебиятшы устазымыз «ийелеп» алыпты. Дәрриў питкерип кеткен қызлардан сорадым.

-Ўай-ўоо, оған жолама,-дести олар. Алқымы кең адам, ҳәр бир бөлимиңди оқып бериўге пул сорайды. Факультеттеги әдебият кафедрасы баслығы устазым, профессор Сражатдин Ахметовтың алдына кирдим. Мақсетим-илимий басшымды аўыстырыў. Ол киси неге депте сорамады,-Пахратдиновтан  рухсат алып кел,-деди. Мен Юнис ағаның алдына бардым. Ол киси де қарсылық танытпады. Диплом жумысым дым аңсат:  Қарақалпақ баспа сөзинде ҳаял-қызлар темасы. Республикалық бас газета мысалында.

Солай етип, әдалат қарар тапты. Мен, бир баланың анасы (балам сонда бир жаста, және ҳәмиледарман) республикалық китапханадан шықпай таярлаған мийнетимниң ҳәр бир бөлимин терең анализлеп, қәте-кемшиликлерин еринбей түсиндирип және жазып беретуғын ҳақыйқый устазды таңлаўда жаңылыспағаныма қуўандым. Өйткени, Қоңыратлы қыздың ақ табан болып илимий басшысына қатнап, жазғанларын  жасы үлкен устаз оқып бермей жүргенинде жылағанын көргенмен. Ақыры болмаған соң, пул берип оқытқанын еситкенмен. Әне, бул бизиң заманымыздың пара деп аталмыш мешкейиниң билим ордасына да кирип кеткениниң бир мысалы еди. Сонда неге мен Юнис ағадай әдалатлы, мийнеткеш ҳәм талапшаң устазым менен мақтанбас екенмен...?! 

Кәсиплесим, Юнис Пахратдиновтың баласы Нәжим Пахратдинов қоңыраў етип, әкесиниң туўылғанына 80 жыл толыўына арналған еске түсириў кешеси өзи билим алған  «Қараой»дағы мектепте өтеди, деген хабарды  айтқанында мениң көз алдымнан  өткен студентлик дәўиримнен жоқарыда сөз еткен елеслер өтип турды.  

«Устазы жақсының-устамы жақсы» дейди халқымыз. Арадан неше жыллар өтип, жасымыз елиўдиң еңсесин бассада елеге шекем әдил ҳәм ҳақыйқатшыл, жуўапкершиликли  устаздың  берген  тәлимине  садық шәкирти болыўға тырысып жүрмиз.

Гүлнара ДӘЎЛЕТМУРАТОВА