Ma'daniyat АЎЫЛЛАРДА БАЙРАМ СЕЙИЛЛЕРИ («МАРЖАНКӨЛ»ДИҢ МАРЖАН ТАҚҚАН ҚЫЗЛАРЫ)

АЎЫЛЛАРДА БАЙРАМ СЕЙИЛЛЕРИ («МАРЖАНКӨЛ»ДИҢ МАРЖАН ТАҚҚАН ҚЫЗЛАРЫ)

0
АЎЫЛЛАРДА БАЙРАМ СЕЙИЛЛЕРИ («МАРЖАНКӨЛ»ДИҢ  МАРЖАН ТАҚҚАН  ҚЫЗЛАРЫ)

Халқының саны көшип-көшип, бүгинде  азайып қалған «Маржанкөл»ли ағайинлер де телекөрсетиўге түсиўге қызығып қалды. Кәсибимдеги соңғы жылларда «Маржанкөл» аўылының «наўрыз байрамына таярлығымыз бар»деген жаңалығын еситпеген екенмен. Сол аўылдағы 20-санлы мектептиң бир оқытыўшысы қайта-қайта қоңыраў етип, тынышымды алды. Бул биз ушын жағымлы да еди.  Себеби, олардың да байрамға таярлықлары бар, байрамда айтар сөзлери, жақсы тилеклери бар болғанына биз де қуўандық. Қуўана-қуўана «ал-ҳә, ташкенттен артистлер киятыр, кейин қайтыңлар», деген тапсырмаға қарамастан Ташкентлилерге де үлгеретуғынымызды айтып, «Маржанкөл» аўылына жол алдық. Сийреп қалғаны менен енди кемиси толысып атырған үйлер, таза оңлаўдан шыққан мектеп имараты, халықтың кеўил-хошы көтериңки, ҳәмме наўрыз байрамына бар таярлықлары менен келген. «Өзиңди жаттай сыйла, жат бойыңнан түңилсин» деген мақалдың нағыз көринисин усы жерде көргендей болдық.

- «Биз бурын-соңға аўылда бундай байрам көрмедик. Бул бир үлкен жаңалық болды»-деп аўылдың жасы үлкенлери пәтиясын берип атыр-дейди 20-санлы мектеп директоры, «Аташабар» сайлаў округинен депутат М.Асқаров.