Ma'daniyat АЎЫЛЛАРДА БАЙРАМ СЕЙИЛЛЕРИ («ЖАҢАДӘРЬЯ»ДА ЖАҢАРFАН БАЙРАМ)

АЎЫЛЛАРДА БАЙРАМ СЕЙИЛЛЕРИ («ЖАҢАДӘРЬЯ»ДА ЖАҢАРFАН БАЙРАМ)

0
АЎЫЛЛАРДА БАЙРАМ СЕЙИЛЛЕРИ («ЖАҢАДӘРЬЯ»ДА  ЖАҢАРFАН БАЙРАМ)

     

Районымыз аймағындағы ҳәр бир аўыл ҳәм мәкан пуқаралар жыйынларында наўрыз байрамы шадлықлары көтериңки кейпиятта өткерилип атыр. Район аймағында жайласқан мәкан пуқаралар жыйынларына салыстырғанда аўыллық жерлердеги пуқаралар жыйынлары  байрамға жақсы таярлықлар көргенин де айтып өтиўимиз керек. Алдыңғы жыллар менен салыстырғанда аўыл-аймақлардағы наўрыз байрамының өзгеше өткерилип атырғанын сездик. Қәлеген бир аўыллық мәкан пуқаралар жыйынына барғанымызда, не түсиреримизди билмей, оператор жигит арқан тартыс пенен кишкене балалардың ойынын видеоға ҳәм сүўретке алыў менен шекленетуғын еди. Сол ўақытлары байрам сейиллери даўамында «Мүлик» аўылындағы кең алапта өткерилетуғын Еркин аға Көпешов басшылық еткен ат шабыслар, қай жерде байрам тамашалары болса өз меншигиндей шырылдап жүретуғын Бердан ағаларды расы сағынатуғын едик. Солардай жан күйер азаматлар шығыўын шын жүрегимизден тилеп, аңсайтуғын едик. Мине, биз әрман еткен, миллийлигимизди ҳәр тәреплеме көрсете алатуғын ҳақыйқый наўрыз енди кирип келгендей. Көш басы болып наўрызды миллий көринистеги ойын-заўықлары, ат шабыслары менен өткерген «Жаңадәрья»лылардың байрам сейилин Қарақалпақстан телеканалының «Дияр-24» бағдарламасы арқалы пүткил республикамыздың халқы тамашалады.